Кеше Тәжикстан пайтахты Душанбе қаласында дзюдо бойынша жаслар арасында жәҳән чемпионатына старт берилди.
67 мәмлекеттен 531 спортшы қатнасып атырған жарыста 2-октябрь күни қызлар арасында -48 ҳәм -52, жигитлер арасында -60 ҳәм -66 кг салмақ категорияларында жеңимпазлар анықланды.
Атап айтқанда, қызлар арасында -48 кг салмақ категориясында қытайлы Хинран Хуэй алтын, япониялы Сачийо Ёшино гүмис, бразилиялы Рибейро Кларисе ҳәм халықаралық дзюдо федерациясынан Кристина Дудиналар қола медалын ийелеўге миясар болды.
-52 кг салмақ категориясында болса, япониялы қызларға тең келетуғын дзюдошылар табылмады ҳәм Ол Ироха менен Ношо Сенюлар алтын ҳәм гүмис медальлларды қолға киргизиўге еристи. Франция сайланды командасы ағзасы Алюссиа Поуланже ҳәм қубла кореялы Мио Хуларға болса, қола медалы несип етти.
Ал, ерлер арасында -60 кг салмақта өткерилген жарыста япониялы Ямато Фукута алтын, тәжикстанлы Лоик Кудбиддинов гүмис, қазақстанлы Талгат Орынбасар ҳәм мәмлекетимиз ўәкили Муродил Муродиллаевлар қола медалын жеңип алыўға еристи.
-66 кг салмақта да япониялы Фукучи Шунтаро менен Кентоку Кайрилер 1-2-орынларды ийелеген болса, италиялы Де Лука Алессио ҳәм Халықаралық дзюдо федерациясынан Кобетс Джерманлар 3-орынға ылайық деп табылды.
Биринши күнги жарыслар жуўмағы бойынша улыўма командалық есапта Япония сайланды командасы 3 алтын ҳәм 3 гүмис медаль менен жетекшилик етпекте.
1 алтын медальға ийе қытайлылар екинши, 1 гүмис медальды қолға киргизген Тәжикстан ҳәм Италия сайланды командалары 3-орынды ийелеп тур. Ал, Өзбекстан сайланды командасы болса, Бразилия ҳәм Қазақстан сайланды командалары менен бирге 1 қола медалды жеңип алып, 5-орынды ийелеген.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы