Саудия Арабстаны энергетика министри, шаҳзада Абдулазиз бин Салмон ОПЕКтиң басқа ағзаларын бир баррел нефтьтиң баҳасы 50 долларға шекем қулаўы ҳаққында ескертти. Яғный басқа ағзалар нефть қазыўды қысқартыў бойынша келисимди бузыўда даўам етсе бул ис әмелге асады, деп жазды The Wall Street Journal.

Ескертиў қалған қатнасыўшылар тәрепинен перделенген күш сыпатында қабылланған. (Шаҳзада), әсиресе, ОПЕК+ алдындағы миннетлемеге әмел етпей атырған Ирак ҳәм Қазақстаннан наразы.

Күш соннан ибарат, Саудия Арабстаны нефты шығарыўды кескин көбейтип, баҳалар урысын баслаўға таяр. Баҳалар ўақтынша төменлеўи есабынан саудиялылар базарда төменлеп баратырған үлесин сақлап қалыў ҳәм ҳәттеки көбейтиў имканиятына ийе болыўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги