“Устаз атаңдай уллы” дейди дана халқымыз. Дурысында да, бәрқулла жасы үлкенге ҳүрмет, жасы кишиге иззетте болып келген халқымыз илим-билим сырларын жалықпастан үйретип, өмирден ҳәм жәмийеттен мүнәсип орын табыўға жол-жоба берген устазларды ҳүрметлеп, қәдирлейди. Оларға ҳәмийше бас ийеди.
Байрам мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң басламасы менен әдил судлаўды әмелге асырыў менен бирге ылайықлы жетик кадрларды жетилистириўде де айрықша белсендилик көрсеткен бир топар суд нуранийлериниң мийнетлери және бир мәрте хошаметледи. Оларға байрам қутлықлаўы менен бирге естелик саўғалары да тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы судында да салтанатлы илаж өткерилип, онда “Дўстлик” ордени, “Суд фахрийси” ҳәм “Мўътобар аёл” көкирек белгилериниң ийеси Арзыбийке Жанибековаға байрам саўғалары тапсырылды.
Ҳақыйқатында да көз нурын, билим ҳәм тәжирийбесин, пүткил саналы өмирин жас әўладқа билим ҳәм тәрбия бериўге, оларды миллий ҳәм улыýма инсаныйлық қәдриятлар руўхында тәрбиялаўға бағышлаған, айдын келешек тийкарын жаратып атырған бул инсанлардың мийнетин қаншелли қәдирлесек те аз.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Адилов жәмәәт атынан да суд нуранийин байрам менен қутлықлап, беккем ден-саўлық, шаңарағында бахыт ҳәм алдағы жумысларында тасқын табыслар тилеп, естелик саўғаларын тапсырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги