ҚХР Ляонинг провинициясында ири халықаралық саўда-санаат көргизбеси жумыс баслады. Усы дәстүрий экономикалық форумда көплеген мәмлекетлер қатарында Өзбекстан ўәкиллери де қатнаспақта.

Бүгинги  күнде Қытайдың экономикалық раўажланыўын пүткил дүнья тән алып атырғаны сыр емес. Ляонинг провинциясы болса усы көлемли раўажланыў процесиниң локомотиви  сыпатында тән алынады. Себеби, Шын мәмлекетиниң  тийкарғы ҳәм ең ири өндирис кәрханалары, илимий-изертлеў комплекслери әне, усы аймақта жайласқан. Барлық ноу-хоулар, перспективалы усыныслар менен басламалар, креатив процесслер усы жерден басланады. Демек, бул провинция ҳәр жылы дәстүрий глобал экономикалық форумды  ҳақылы түрде  өткереди. Әнжуманның рәсмий ашылыў мәресиминде шөлкемлестириўшилер ҳәм қатнасыўшы мәмлекетлердиң ўәкилликли жуўапкерлери өз мәмлекетлеринде инвестициялық орталық, санаат, туризм потенциалына байланыслы презентацияларды  көрсетти. Кейин ала, көплеген жергиликли ҳәм сырт елли бизнес ўәкиллер арасында алдын ерисилген бирге ислесиў шәртнамаларын Қытай өзгешелигине муўапық түрде символикалық қол қойыў илажы болып  өтти.

Өзбекстан павильонында ҳәзирше миллий өнерментшилик өнимлери көрсетилмекте. Исбилерменлиримиз бир неше ҳәпте даўам ететуғын көргизбе шеңберинде өз усынысларын кеңейтип баратуғынлығын мәлим етти. Әлбетте, онда бизге қызығыўшылық билдирип атырған шериклердиң талаплары менен тилеклери инабатқа алынады.

-Қытайда Өзбекстанды жақсы биледи, – дейди ҚХР халықаралық саўда кәрханасының директоры Тя Шу Цзе. – Бирге ислесиў орнатыў ямаса бар қатнасықларды кеңейтиўге умтылыс күшли. Бул жердеги дүньяға белгили, ақыллы медициналық технология ислеп шығарыўға қәнигелестирилген компания Орайлық Азия аймағында, әйне, Өзбекстан менен  шерик. Ташкентте ири филиал сыңар орайы жумыс алып барады. Бундай мысаллар көп. Көргизбениң мазмунына қайтамыз. Быйыл шөлкемлестириўшилер  атақлы компаниялар қатарында, енди халықаралық базарға шығып атырған  перспективалы бизнес ўәкиллерине де өз потенциалын көрсетиў ушын кең имканият жаратты. Соның есабынан форум қатнасыўшыларының саны сезилерли дәрежеде артып, жүзден  аслам мәмлекет, мыңға шамалас үлкен-киши бизнес субъектлери  қатнаспақта. Бул ҳаққында дүньяның, дерлик, барлық жерлеринен келген журналистлер ушын шөлкемлестирилген баспасөз әнжуманында мәлим етилди.

Миррҳабиб Сайфуллаев, ӨзА