30-сентябрь күни «Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, төмендегилер тастыйықланды:
– Бағшылық, жүзим жетистириў, ыссыхана хожалығы, аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў ҳәм қайта ислеў тараўындағы реформаларды тереңлестириў ҳәм система жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша «жол картасы»;
– 2024-2027-жыллары әнжир, фундук ҳәм зейтун атызларын жаратыўдың мақсетли көрсеткишлери.
Агентлик тәрепинен Қордың қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат бағдарындағы субсидиялардың түрлери оптималластырылады.
Онда:
2025-жыл 1-январьдан:
– интенсив мийўели бағ ҳәм жүзим атызларында тамшылатып суўғарыў системалары орнатқаны ушын субсидия 1 гектар ушын 16 миллион сумнан артпаған муғдарда белгиленеди;
– суўды үнемлеўши технологияларды қолланыў ушын субсидия суў қубырларының өлшеминен (диаметри) келип шығып, 40 мың сумнан 250 мың сумға шекем белгиленеди;
– «in-vitro» усылында жаратылған мийўели нәллерин сатып алыў қәрежетлери ушын субсидия усы қәрежетлердиң 50 проценти муғдарында белгиленеди;
– егиў схемалары аймақлардың топырақ ҳәм климат шараятларынан келип шығып, Агентлик усынысы менен белгиленеди.
Нәл таяқшалары ушын берилетуғын барлық түрдеги субсидиялар 2024-жыл 1-октябрьден бийкар етиледи.
ӨзА