Сырт мәмлекетлерде билим алып атырған өзбекстанлы студентлердиң саны белгили болды. Бул ҳаққында Статистика агентлиги хабар берди.

ЮНЕСКО статистика институтының мағлыўматларына бола, сырт елде билим алып атырған өзбекстанлы студентлердиң саны 150,5 мыңды қураған. Бул мағлыўмат 2023-жылдың 1-январь жағдайына бола дүзилген.

Сырт мәмлекетлерде билим алып атырған заманласларымыздың саны бир жыл ишинде дерлик 24 мыңға көбейгенин атап өтиў керек.

Статистика агентлигиниң хабарына бола, өзбекстанлылар ең көп Қазақстан мәмлекетинде оқымақта. Бул сан шама менен 78,3 мыңды қураған.

Региондағы айырым мәмлекетлер бойынша сырт елде билим алып атырған студентлер санының «ТОП-9»лығы төмендегише:

  1. Қазақстанда – 78,3 мың
  2. Украинада – 76,8 мың
  3. Россияда – 63,6 мың
  4. Түркменстанда – 60,9 мың
  5. Әзербайжанда – 49,7 мың
  6. Аўғанстанда – 34,3 мың
  7. Тәжикстанда – 32,5 мың
  8. Беларусь Р. да – 27,0 мың
  9. Қырғызстанда – 17,1 мың

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги