Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң тәлим-тәрбия тараўының ўәкиллери менен сөйлесиўинде атап өтилди.

Сапалы билимлендириўдиң ажыралмас бөлеги болған тәрбия ҳәм әдеп-икрамлылық процесслери заманагөй көзқарас тийкарында жолға қойылады.

Усы мақсетте Қори Ниязий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты жаңадан шөлкемлестирилди.

Бул институттың тәрбия тараўындағы миллий дәстүрлерди үйрениў, тиклеў ҳәм заманагөй руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбия системасын енгизиў бағдарындағы жумысын және де күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жасларымызда идеологиялық иммунитетти қәлиплестириўде үлкенлер де социаллық тармақларда белсенди болыўы, балаларымызға унамлы тәсир көрсетиўи керек екенлиги атап өтилди.

Жуўапкерлерге ата-аналар, оқытыўшылар ҳәм оқыўшылар ушын тәрбияға байланыслы санлы контент жаратыў тапсырылды.

Бул контент «Миллий тәрбия» электрон платформасына ҳәм жетекши социаллық тармақларға жайластырылып, турақлы жаңалап барылады.

ӨзА