Абдулла Авлоний атындағы педагогикалық  шеберлик миллий институтында Президент Шавкат Мирзиёевтиң тәлим-тәрбия тараўының ўәкиллери менен сөйлесиўи даўам етпекте.

Өткен дәўирде алдын итибардан шетте қалған бағдарлар, атап айтқанда, педагогикалық билимлендириўге, оның илимий, теориялық ҳәм әмелий тийкарларына итибар күшейтилди.

Кадрлар жетипсеўшилигин сапластырыў ушын жоқары оқыў орынларында сыртқы билимлендириў түри тикленди.

Оқытыўшыларға шеберлиги ҳәм ерискен жетискенликлерине қарап төленетуғын үстемелер 3 еўден 17 ге арттырылды.

Өз үстинде шын кеўилден ислеген, сырт ел сертификатын алған 6 мың оқытыўшы 10 миллион сумнан аслам мийнет ҳақы алмақта. 2020-жылы бундай оқытыўшылар 102 болған.

Әлбетте, бул еле жетерли емеслиги, бирақ бул сан кейинги еки жылда 5,3 есеге артқаны атап өтилди.

ӨзА