Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АИИБ Басқарыўшылар кеңесиниң тоғызыншы мәжилиси шеңберинде Ҳиндстан Республикасы қаржы ҳәм корпоратив жумыслар министри Нирмала Ситхараманның басшылығындағы делегацияны қабыл етти. Сөйлесиў даўамында Өзбекстан-Ҳиндстан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлерге муўапық, көп тәреплемели бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Усы жылы ноябрьде Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин пухта таярлық көрген ҳалда өткериў ҳәм усы илаж шеңберинде Санаат кооперациясы бағдарламасын қабыллаў ҳәмийетли екенлиги атап өтилди.

Ҳиндстанның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Смита Пант ушырасыў ўақыялары, биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында былай деди:

-Ҳиндстан қаржы ҳәм корпоратив жумыслар министри менен бирге ҳүрметли Президент пенен оғада нәтийжели ушырасыў өткердик. Сөйлесиў түрли тараўларға байланыслы, ҳәр еки тәреп ушын пайдалы мәселелерди қамтып алды. Соның ишинде, энергетика, нефть-химия, санластырыў, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика тараўларында жойбарларды әмелге асырыў, транспорт жолларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия, жасалма интеллект, жасларды бирлестириў жоллары, өз-ара интеграция, инвестициялық бирге ислесиў халықларымыз арасындағы қатнасықларды беккемлеўге хызмет ететуғынлығы менен әҳмийетли. Ҳиндстанның жүдә үлкен бизнес делегациясы мәмлекетиңизде болды. 27-сентябрь күни шөлкемлестирилген бизнес форум ҳәм еки тәреплеме саўда көлемин кеңейтиў мақсетинде қол қойылған көплеген инвестициялық келисимлер сан-көрсеткишлерди кескин арттырыўға хызмет ететуғынлығын айтып өтиўди қәлеймен. Бул инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўда жүдә әҳмийетли болып есапланады. Улыўма, ушырасыў нәтийжели өтти. Мысалы, Президент шерикликти және де кеңейтиўге қаратылған биргеликтеги «Жол картасы»н  ислеп шығыў усынысын билдирди. Стратегиялық шериклигимизди және де раўажландырыў, яғный саўда, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика ҳәм инвестициялық қатнасықларды кеңейтетуғыны әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Еки тәреп өз-ара тәжирийбе алмасқан ҳалда, бирге ислесиўди және де жеделлестириў мақсетке муўапықлығы бойынша исенимли қарарға келди.

ӨзА