Президент Шавкат Мирзиёевтиң тәлим-тәрбия тараўы ўәкиллери менен сөйлесиўи даўам етпекте.

-Жаңаланған Конституциямызда дүньядағы уллы шахс – оқытыўшы статусын өз алдына беккемлеў, бул кәсипти жәмийеттеги ең абырайлы жумысқа айландырыў мениң неше жыллық арзыўым, керек болса, әрманым еди. Себеби өзим де көп жыллар бул тараўда ислегенмен. Оқытыўшының мийнети қаншелли аўыр ҳәм машақатлы екенин жақсы билемен. Тилекке қарсы, мине, усындай мақтанышлы ҳәм уллы кәсип ийелерине биз жақын өтмиште жетерлише ҳүрмет ҳәм итибар қарата алмадық.

Сыр емес, қайсы тараўға қосымша жумысшы күши керек болса, биринши гезекте оқытыўшы-педагоглар тартылатуғын болып қалған еди. Биз мәмлекетимизде жаңа реформаларды баслаған биринши күнлерден баслап әне, сол қыйын мәселени шешиўге – оқытыўшыларды, балалар ҳәм ҳаял-қызларды мәжбүрий мийнеттен аўлақ етиўге киристик. Беккем ерк-ықрар ҳәм умтылыс пенен бул унамсыз жағдайлар бүгин тарийхқа айланды.

Мине, быйыл «Педагогтың статусы ҳаққында»ғы нызамды қабылладық. Конституциямызда белгиленген қағыйда енди әне, сол нызам тийкарында ислей баслайды. Ким оқытыўшыға басым өткерип, оның кәсиплик жумысына байланысы болмаған жумысларға, ҳәр қыйлы мәжилислерге тартпақшы болса, мине, усы нызам тийкарында жуўапкершиликке тартылады,-деди Президентимиз.

ӨзА