Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-февральдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарардың арнаўлы бәнти тийкарында, 2022-2023-оқыў жылынан баслап елимиздеги оқыў орынларында оқып атырған оқыўшы ҳәм студентлердиң музыкалық билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, жас талантларды анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде, улыўма орта билим бериў мектеплери, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары оқыў орынларында Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен басқа да мәденият мәкемелери менен биргеликте лекторий концертлерин өткериў белгиленген еди.

Президентимиздиң усы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында Өзбекстан Мәмлекетлик филармониясы Қаракалпақстан бөлими дөретиўшилик жәмәәтиниң гезектеги Лекторий концерт бағдарламасы көтериңки руўхта болып өтти.

Кешеде филармонияның «Халық сазлары» оркестри, «Әмиў толқыны»  ҳәм «Мухаллес» ансамбльлери тәрепинен халық намалары шертилип,  жанлы ҳаўазда қосықлар атқарылды.

Сондай-ақ, концерт бағдарламасы барысында Өзбекстан Мәмлекетлик филармониясы Қаракалпақстан бөлими ағзалары тәрепинен илаж қатнасыўшыларына музыкалық саз-әсбаплардың келип шығыў тарийхы да кеңнен таныстырылып барылды.

-Өзлериниң өнерлери менен филиал мийнет жәмәәтиниң ҳәм студент жаслардың бос ўақытларын кеўилли ҳәм мазмунлы өткериўге үлес қосқан Өзбекстан Мәмлекетлик филармониясы Қаракалпақстан бөлими дөретиўшилик жәмәәтине өзлеримиздиң шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз,-дейди усы оқыў орнының Мәлимлеме хызмети баслығы Мурат Тилеўбаев.

Жуўмақлап айтқанда, филармония тәрепинен шөлкемлестирилген бул кеше қызықлы ҳәм мазмунлы болып өтти.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы