Тахтакөпир районы 2-сектор аймағында аймақ жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм олардың спортқа деген қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде, «Елдиң күши бирликте, қәдири болса тынышлықта» сүрени астында «Айрықша жағдайлар министри кубоги» ушын спорт жарыслары өткерилди.

Жарыс тийкарынан 4 басқышда өткерилип, оған «Дәўқара» ҳәм «Қаратерең» мәҳәллелеринен аталыққа алынған жаслар арасынан дүзилген командалар қатнасты.

Қызықлы өткен беллесиўлер жуўмағында, биринши орынды Қаратерең мәкан пуқаралар жыйыны командасы ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип түрде сыйлықланды ҳәм жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы