Елиў мыңнан аслам ливанлы қоңсы Сирияға қашып өтти. БМШ Қашқынлар ислери жоқары комиссары Филиппо Гранди усындай баянат берди.
«Ливан аймағында жасаған 50 мыңнан аслам ливанлы ҳәм сириялы әйне ўақытқа шекем Сирияға қашып өтти. 200 мыңнан аслам адам болса Ливанның қәўипсизирек аймақларына кеткен», — деп жазды ол.
БМШ ўәкили ливанлылар Израиль авиасоққыларынан жан сақлаў мақсетинде мәмлекеттен қашып кеткенин атап өткен.
27-сентябрь күни Израиль армиясы (ЦАХАЛ) баспасөз хаткери Даниэл Хагари баянат берип, Ливан пайтахтындағы «Ҳизбуллоҳ» ҳәрекети бас штабына ависоққылар берилгенин мәлим еткен еди. Ливан денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, Израиль ҳүжими ақыбетинде Бейрутта 76 адам жарақатланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги