Усы жылдың январь-август айларында хызмет көрсетиў менен шуғылланатуғын 167 538 юридикалық шахс тәрепинен 22,5 трлн сумнан аслам салық төленген.

Соның, 4,5 трлн сумнан асламы, яғный 20,3 проценти 20 кәрхана есабына туўра келеди. Олардың жәми товар айланысы 47 трлн сумды, қолланған салық жеңилликлериниң муғдары болса 3,3 трлн сумды қураған.

Усы 20 салық төлеўши тәрепинен тәмийинленген түсимлер салық түрлери кесиминде:

ҚҚС – 1,2 трлн сум;

пайда салығы – 956,9 млрд сум;

акциз салығы – 666,3 млрд сум;

ЖШОДС – 575,6 млрд сум;

социаллық салық – 573,9 млрд сум;

мүлк салығы – 190,1 млрд сум;

жер салығы – 61,8 млрд сум;

басқа салықлар – 283,1 млрд сум.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги