Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев дәслеп Тазғара пуқаралар жыйынында өзине бириктирилген шаңарақлардың жасаў жағдайы менен танысты.

Соңғы жыллары елимизде социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқараларға ғамқорлық көрсетиў, олардың тилек ҳәм өтинишлерин тыңлаў арқалы турмыслық мәселелерине шешим табыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Ҳәр бир басшыға аўыр турмыс шараятындағы шаңарақлардың бириктирилиўи де мине, усы бағдардағы ийгиликли ислерден саналады. Жоқарғы Кеңес Баслығы шаңарақ ағзалары менен пикирлесип, оларға барлық жәрдем көрсетилетуғынлығы, халықтың турмыс абаданлығын тәмийинлеў жолында зәрүр илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы усы күни ўәлаятлардан келип, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шымбай факультетинде билим алып атырған студент-жаслар менен ушырасты. Жаслар менен жақыннан пикирлесип, олардың машқалалары тыңланды, сапалы билим алыўы ушын жаратылған шараятлар үйренилди. Студентлер тәрепинен көтерилген ҳәр қандай орынлы мәселе әлбетте, итибарға алынып, унамлы шешими табылатуғынлығы атап өтилди.

Буннан соң, оқыў орнындағы жаслар ушын жаратылған имканиятлар, факультет лабораториясында теориялық билимлердиң әмелиятта қолланылыўын тәмийинлеў бойынша жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Бул жерде тамат ислеп шығарыў цехында әмелият өтеп атырған студентлер менен пикирлести.



Жоқарғы Кеңес Баслығы Бердақ мәкан пуқаралар жыйынындағы киши исбилерменлик субъектлериниң жумысларын барып көрди. Дәслеп қағаз салфетка ислеп шығарыў цехы жумысларын көзден өткерди. Азамат Жолдасбаев өз исбилерменлигин жолға қойыў мақсетинде 100 миллион сум жеңиллетилген кредит алып, Қытай мәмлекетинен үскенелер алып келинди. Нәтийжеде 3 адам жумыс пенен бәнт етилди ҳәм өнимлерди жергиликли базарға шығарып сатыў жолға қойылды.

Президентимиздиң «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2024-2025-жылларда халықты қәмбағаллықтан шығарыўдың бағдарлары ҳәм аймақлар кесиминдеги мақсетли көрсеткишлери, сондай-ақ, 2024-2025-жылларда жедел комплексли раўажландырыў режелестирилген қала ҳәм районлардың дизими тастыйықланған еди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында Президентимиздиң қарары тийкарында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселелерине арналған мәжилис өткерди. Онда республикадан бириктирилген басшылар, район жуўапкерлери, мәҳәлле жетиликлери қатнасты.

Мәжилисте бағдарлама шеңберинде әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар, кәмбағал шаңарақлардың социаллық жағдайларын жақсылаў илажлары, мәҳәлле жетилиги менен биргеликте усындай шаңарақларды ҳәр тәреплеме үйренип шығыў ҳәм жәрдем көрсетиў, соның менен бир қатарда, аўыр шараяттағы мәҳәллелердеги инфраструктуралық ҳәм социаллық машқалаларға комплексли шешим табыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер қарап шығылды. Жуўапкерлерге ҳәм белсендилерге тийисли тапсырмалар берилип, алдағы әмелге асырылыўы тийис режелер белгилеп алынды.

Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев районда алып барылып атырған абаданластырыў жумысларында белсендилик көрсеткен тараў пидайылары менен ушырасты.

Онда район аймағында кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў, тазалықты ҳәм абаданлықты тәмийинлеўде жуўапкерлер, белсендилер, тараў пидайыларының хызметлериниң айрықша екенлиги атап өтилди. Усы жылдың өзинде республикамыздың барлық орынлары қатарында Шымбай районында бурын болмаған ири көлемдеги қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Ушырасыўда усы жумысларда белсендилик көрсеткен бир қатар тараў хызметкерлери Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Буннан соң жыйналғанларға көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги