Римниң абырайлы «Italia sera» газетасы ҳәм «Strumenti Politici» журналы Италия университетлери ҳәм изертлеў министри Анна Мария Бернинидиң Өзбекстан ҳәм Қазақстанға сапарын кеңнен сәўлелендирип бармақта.
Мақалаларда сапардан гөзленген тийкарғы мақсет Италия ҳәм Орайлық Азияның еки мәмлекети арасындағы академиялық ҳәм илимий байланысларды беккемлеў, тийисли университетлер ҳәм изертлеў орайлары менен бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар ашыўдан ибарат екени атап өтилген.
Берниди мәмлекетимизде жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов пенен ушырасып, билимлендириў ҳәм изертлеў тараўындағы биргеликтеги жойбарларды додалағаны, сондай-ақ Ташкент қаласындағы Пиза университети Геология факультетин көзден өткергени ҳәм Турин политехника қәнигелигинде шөлкемлестирилген Италия – Өзбекстан жедел инженерлик мектебиниң ашылыў мәресиминде қатнасқаны атап өтилген.
Өз-ара сәўбет ҳәм академиялық бирге ислесиў ушын әҳмийетли майдан болған биринши Өзбекстан – Италия билимлендириў форумында республикамыздың 40 тан аслам оқыў орны баслығы, шерик тәрепинен болса 25 ке шамалас жоқары оқыў орны ректорлары қатнасқанына айрықша итибар берилген.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА