Халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў, бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин республиканың басқа аймақларына енгизиў бойынша жумысларды әмелге асырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2024-жыл 5-сентябрь күни  «Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарар тийкарында, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў шеңберинде бийпул медициналық хызметлер ҳәм дәри-дәрмақлар мәмлекет бюджетине төленетуғын салықлар есабынан әмелге асырылады. Яғный, халықтан қамсызландырыў ушын қосымша төлем өндирилмейди.

Президент қарары тийкарында бул механизм 2024-жылдың 1-октябринен баслап, Ташкент қаласы ҳәм Сырдәрья ўәлаятында, 2025-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Самарқанд, Бухара, Хорезм ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары, 2026-жылдан баслап мәмлекетимиздиң барлық аймақларында енгизиледи.

Усы қарардың әҳмийетин кең жәмийетшиликке кеңирек түсиндириў мақсетинде,  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын баспасөз әнжуманы өткерилди.

Оған министрликтиң басшылары ҳәм оған қараслы шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлери  ҳәм республикамызда жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Әнжуманда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Акмал Асқаров, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Қурал Камаловлар илаж қатнасыўшыларына Президент қарарының әҳмийети ҳәм онда ислениўи тийис ўазыйпалар ҳаққында кең түрде түсиниклер берди.


 

– Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери нәтийжесинде, денсаўлықты сақлаў тараўында жаңа система енгизиледи. Онда басланғыш медицина-санитариялық мәкемелер аймағында жасап атырған халықтың жан басына қарай, ал, емлеўханаларда болса, ҳәр бир емленген жағдайы бойынша кепилленген медициналық пакетке киргизилген хызметлерге Қамсызландырыў фонды тәрепинен қаржы ажыратылады,-дейди Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Қурал Камалов.-Сондай-ақ, кепилленген медициналық пакетке киргизилген хызмет көрсетиўлер Мәмлекетлик емлеў мәкемелери менен бирге жеке меншик медицина клиникаларына да рухсат етиледи. Жеңилликлерге ийе болған наўқаслар Қамсызландырыў фонды менен шәртнама дүзген мәмлекетлик ямаса жеке меншик медицина мәкемелерин өз ерки менен таңлаў имканияты жаратылады.

Илажда журналистлер тәрепинен Президентимиздиң жоқарыда аты аталған қарары бойынша бүгинги күни кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәселелер жөнинде сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы