Өзбекстан Кинематография агентлиги тәрепинен кино тараўының ўәкиллери, режиссёрлар, сценарийстлер ушын «Арнаўлы тарийх» оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Кейинги жылларда тарийхымызды тиклеў, оны қалыс ҳәм дурыс үйрениў мәселесине әҳмийетли итибар қаратылмақта. Булардың нәтийжесинде Ўатанымыздың тарийхына байланыслы  жаңа процесслердеги көркем фильмлер тамашагөйлердиң итибарына усынылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-июньдеги «Кинематография тараўын буннан былай раўажландырыў ҳәм мәмлекетимиздиң тарийхына бағышланған фильмлер дүркинин жаратыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарына бола «Тири тарийх»  фильмлер дүркинин жаратыў бағдарламасы ислеп шығылып, бүгинги күнде оның шеңберинде системалы жумыслар алып барылмақта.

Усы бағдарламаның ўазыйпасы халқымыздың ески тарийхы ҳәм бай мәденияты, бурынғы қәдирият ҳәм дәстүрлери, арзыў-нийетлерин терең тийкарларға сүйенип, толық көрсетиў, азатлығы ҳәм тынышлығы жолында гүрескен уллы сәркарда ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлердиң өмири ҳәм мәмлекетшилик жумысын қалыс, дурыс көрсетип бериў, тарийхымызда жарқын из қалдырған жәмийетлик-сиясий процесслер, илимпаз ҳәм ойшыллар, шайыр ҳәм жазыўшылар, ағартыўшы жадид ата-бабаларымыз, атақлы көркем өнер ийелериниң илимий-дөретиўшилик мийрасы, олардың улыўма инсаният цивилизациясының раўажланыўына қосқан үлесин  жоқары идеялық-көркем дәрежеде көрсетиўден ибарат.

Жойбар шеңберинде шөлкемлестирилген «Арнаўлы тарийх» оқыў курслары даўамында  мәмлекетимиздиң  жетекши илимпазлары тәрепинен тарийхтың даңқлы ҳәм қыйын бетлери, қызықлы темаларға байланыслы сабақлар өтилди. Бундай оқыў сабақлары тарийхый хақыйқатты тамашагөйге  терең ҳәм дурыс жеткерип бериўге хызмет ететуғын кинофильмлер дөретиўде үлкен әҳмийетке ийе.

Н.Усмонова, ӨзА