Әл ҳаўада қанатларын талдырып,

Жат мәнзилге сапар шеккен тырналар.

Айралық дәртинде бизди қалдырып,

Шадлығымды алып кеткен тырналар.

 

Ҳаўазыңа қулақ салып қарасам,

Ақ қағаздай ғағырласып барасаң.

Хош аллияр айтысқандай боласаң,

Келмеске жол тартқан гөззал тырналар.

 

Жерге бир нәўбетдур, елге бир нәўбет,

Қайтып баратқандай қайтасы дәўлет.

Аш толқынлар урмас жағысқа гүрлеп,

Соналы көллерден ушты тырналар.

 

Сизлер нәсил көрген атаўлар аўлақ,

Әдира қалғандай айдынлы суўлақ,

Диң аспанда муңлы “қуррыў-қуррыў” лап,

Не деп баратырсыз, байғус тырналар?

 

Не ис тапса, инсан пейлинен табар,

Ол қаст етсе, терис ағар дәрьялар.

“Бул жер бизге ҳарам” дегендей олар,

Аҳ урып қыйқыўлап барар тырналар.

 

Қусларды көлатсыз, теңизди суўсыз,

Қалдырған нәмәртлер қалмас сораўсыз,

“Карғыска жолығып бәри қалыўсыз.

Туқымқурт болғай” деп барар тырналар.

 

Таңларым оянбас толқын сестинен,

Қайлардан аларман ондай күшти мен?

Дузлы шаңғыт көмген көллер үстинен,

Бул жағысқа түспей барар тырналар.

 

Барар интизамлы, жипке дизилип,

Мен қарайман жүрек-баўырым үзилип.

Сиздей мен де ата журттан безигип,

Неге кете алмайман, айтың тырналар?

 

Ибрайым ЮСУПОВ

Октябрь, 1985-жыл.

Қарақалпақстан хабар агентлиги