Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қоңырат районлық бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда дизель жанылғысы талан-тараж етилиўиниң алды алынды.
Атап айтқанда, “T.N.B.” жуўапкершилиги шекленген жәмийети Қоңырат филиалының цех баслығы З.М. ҳәм басқалар өз-ара тил бириктирип, өзиниң материаллық жуўапкершилигинде болған 2 мың 222 литр дизель жанылғысын ҳеш қандай ҳүжжетсиз филиалға тийисли жанылғы тасыўшы автомашинада “K.Sh.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы автомобильлерге жанылғы қуйыў шақапшасына өткериў мақсетинде алып келген ўақтында усланды. Дизель жанылғысы айғақлы дәлил сыпатында рәсмийлестирилди.
Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги