Cайлаўалды үгит-нәсиятлаў: не мүмкин, не қадаған етилген?

155

Орайлық сайлаў комиссиясының қарарына бола, быйыл болып өтетуғын сайлаўдың ең әҳмийетли басқышы – депутатлыққа талабанлар ҳәм сиясий партиялардың сайлаўалды үгит-нәсиятлаўы 2024-жыл 22-сентябрьден басланды. Ендигиден былай сайлаў күни ҳәм даўыс бериўге бир күн қалғанына шекем сиясий партиялар ҳәм олардың талабанлары, исенимли ўәкиллери тәрепинен сайлаўалды үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылады.

Хош, сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыўда неге итибар қаратыў керек? Нызамшылығымызда бул процессти әмелге асырыў даўамында мүмкин болған ҳәм қадаған етилген қандай жағдайлар бар?  Кимлер сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып бара алмайды?

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 9-бабында сайлаўалды үгит-нәсиятлаўға бағышланған болып, үгит-нәсиятлаўды алып барыў тәртиби, усыл ҳәм түрлери ҳаққындағы нормалар беккемленгенин атап өтиў керек.

Бәринен бурын, сайлаўалды үгит-нәсиятлаўдың өзи не? Сайлаўалды үгит-нәсиятлаў – сайлаў кампаниясы дәўиринде әмелге асырылатуғын ҳәм сайлаўшыларды талабанды ямаса сиясий партияны жақлап даўыс бериўге ийтермелеўге қаратылған жумыс болып есапланады. Талабанлар, олардың исенимли ўәкиллери, сиясий партиялар ҳәм олардың ўәкиллери сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды нызамда белгиленген түрлерде ҳәм усылларда әмелге асырыў ҳуқықына ийе болып есапланады.

Сайлаўалды үгит-нәсиятлаў талабанларды дизимге алыў ушын белгиленген ақырғы күнниң ертеңинен басланады. Сайлаў күни ҳәм даўыс бериўге бир күн қалғанында болса үгит-нәсиятлаўға жол қойылмайды.

Үгит-нәсиятлаў халық алдында ашықтан-ашық сөйлесиўлер, додалаўлар, баспасөз конференциялары, пуқаралардың мәжилислери, интервьюлер, ғалаба хабар қуралларында шығыўлар, роликлерди жайластырыў түринде алып барылыўы мүмкин. Соның ишинде, ғалаба хабар қураллары, телекоммуникация тармақлары, Интернет тармағы арқалы, сондай-ақ, баспа, көргизбели, аудиовизуал, плакатлар, бетлер ҳәм басқа да үгит-нәсиятлаў материалларын шығарыў ҳәм тарқатыў арқалы, сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў тийкарында әмелге асырылады.

Үгит-нәсиятлаў алып барылып атырғанда сиясий партияларға мәмлекетлик ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыў көлемине бола бирдей болған эфир ўақты ҳәм басылым майданы бийпул берилетуғынын айрықша атап өтиў керек. Бул арқалы барлық партияларға теңдей шараятлар тәмийинленеди. Буннан тысқары, мәмлекетлик ғалаба хабар қуралларында төлемли түрде де эфир ўақыты ямаса баспа майданы ажыратылыўы мүмкин екенлиги нызамшылығымызда беккемленген.

Бул ретки сайлаўлардың әҳмийетли жаңалықларынан бири – жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда сайлаўалды үгит-нәсиятлаў материалларын таярлаў ҳәм тарқатыў мүмкин. Онда да белгиленген нормалар бар, әлбетте. Яғный, материалдың жасалма интеллект технологияларынан пайдаланып таярланғаны ҳаққында мағлыўматлар көрсетилиўи, қандайда бир шахстың көриниси, даўысы ҳәм басқа да мағлыўматларынан пайдаланылғанда, олардың келисими алыныўы керек.

Сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыўда бир қатар жағдайлар қадаған етилген. Атап айтқанда, үгит-нәсиятлаўда сайлаўшыларға бийпул ямаса жеңиллетилген шәртлерде товарлар бериў, хызметлер көрсетиў, сондай-ақ, қаржылар төлеў менен қосып алып барыў қадаған етиледи. Надурыс мәлимлемени тарқатыў, шахсқа байланыслы мағлыўматлардың сырлылығын бузыў, сондай-ақ, талабанлардың абырайы ҳәм қәдирине зыян келтиретуғын мағлыўматларды тарқатыў қадаған етиледи.

Буннан тысқары, сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыўы қадаған етилген ўәкиллер де бар. Атап айтқанда, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшылары, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, басқа да әскерийлестирилген бөлимлер, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери, судьялар, сайлаў комиссиялары ағзалары, диний шөлкемлердиң профессионал хызметкерлери сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыўы мүмкин емес.

Соның менен бирге, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының лаўазымлы шахсларына өз лаўазымы ҳәм хызмет дәрежесинен сайлаўалды үгит-нәсиятлаў ўақтында ҳәр қандай сиясий партияның ямаса таланбанның пайдасына ямаса оған қарсы пайдаланыўы да қадаған етиледи.

Үгит-нәсиятлаў дәўири сайлаўдың ең әҳмийетли ўақыты есапланып, бул ўақытта сиясий партиялар ҳәм олардың талабанлары нызамшылықта белгиленген тәртип-қағыйдалардан келип шығып, белсендилик көрсетиўи, сайлаўшылар менен кең көлемде ислесиўи, өзлериниң сайлаўалды бағдарламалары ҳаққында пуқараларға толық мағлыўмат жеткериўи керек.

Халықтың ишине тереңирек кирип барған, өзиниң сиясий идеялары ҳәм басламаларына сайлаўшыларды исендире алған партия ҳәм талабан ғана сайлаўшылар таңлаўында мүнәсип нәтийжеге ерисиўи мүмкин.

Муҳтарама Комилова, ӨзА