Уллы Британияда басып шығарылып басланған «EM Insight» журналының биринши саны Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларға бағышланды.
Бас редактор Раза Саидтиң ӨзАға мәлим етиўинше, дәслепки топлам елимизде әмелге асырылып атырған модернизация процеси, ҳүкимет тәрепинен жәмийетти және де раўажландырыў ушын ислеп шығылып атырған бағдарлама ҳәм стратегиялар, жойбарлардың турмысқа қолланылыўы ҳаққында дүркин мақалалар менен байытылған.
– Заманагөй раўажланыў жолын таңлаған Жаңа Өзбекстанда түпкиликли өзгерислер, демократиялық реформалар, пүткиллей жаңа сиясий орталық қәлиплесип атырғаны халықаралық жәмийетшилик тәрепинен айрықша тән алынбақта,-деди Раза Саид ӨзА хабаршысына. – Қалаберди, республика сырт ел шөлкемлериниң жумысында турақлы қатнасып, конструктивлик халықаралық бирге ислесиўди күн сайын күшейтпекте. Жедел алға умтылып атырған Өзбекстан раўажланған демократиялық мәмлекетлер әмелиятына толық бейимлесиўи ушын реформаларды даўам еттириўи зәрүр. Турақлы түрде жетилисиўге умтылыў ҳәр қандай мәмлекет келешеги ушын әҳмийетли.
Басылым глобал қәўип-қәтерлер шараятында сыртқы сиясаттың жаңа, тийкарғы бағдарларын ислеп шығыў, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм мәмлекетлик структураларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша мәмлекетимиз әмелге асырып атырған ҳәрекетлерге айрықша итибар қаратқан. Пуқаралардың ҳуқықын қорғаў мақсетинде суд-ҳуқық системасын реформалаў, қоршаған орталықтың қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланыў бағдарындағы басламалар ҳаққында да сөз болған.
Қалаберди, «EM Insight» журналының биринши санынан өзбек миллий мәдениятын раўажландырыў, бай мийрасымызды қәстерлеп сақлаў, денсаўлықты сақлаў системасын жақсылаў ҳәм медициналық хызмет сапасын ҳәм имканиятын арттырыўға қаратылған реформалар сәўлеленген материаллар да орын алған. Буннан тысқары Өзбекстанда инсан ҳуқықын қорғаў ҳәм жәмийетти демократияластырыў перспективасын сәўлелендириўши мақалаларға да орын ажыратылған.
Ўткир Алимов, ӨзА