Елимизде фармацевтика өнимлерин тәртипке салыў тараўында алып барылып атырған  бирге ислесиўлер әмелий нәтмийжелерин берип келмекте.

Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры ҳәм Польша Республикасы медициналық буйымлар, ҳәм биоцид өнимлерин дизимге алыў басқармасының Президенти арасында ушырасыў болып өтти.

Онда ҳәр еки тәрептиң фармацевтика тараўын тәртипке салыўшы уйымлары және тараў басқарыў системасы додаланды. Соның ишинде, ушырасыўда фармацевтика  өнимлериниң сапа стандартлары, қәўипсизлиги ҳәм нәтийжелилигин өз ишине алған тийкарғы мәселелерге итибар қаратылды, делинеди Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң мағлыўматында.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиў ҳәм тәртипке салыўшы уйымлар арасында мағлыўмат алмасыў зәрүр екенлиги ҳаққында келисимге еристи. Бул тек өз-ара түсиник дәрежесин арттырыўға емес, ал ҳәр еки мәмлекет базарларында тәртипке салыў сапасын жақсылаўға имканият береди.

Абдулазиз РУСТАМОВ, ӨзА