20-сентябрь күни мәмлекетимизге жаңадан тайынланған сырт ел елшилери тәрепинен исеним жарлықларын тапсырыў салтанатлы мәресими болды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндстан Республикасының Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Смита Пант, Корея Республикасының Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Вон до Ён, Монғолияның Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Дааданхуу Батбаатар, Германия Федеративлик Республикасының Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Манфред Хутерер, Израил Мәмлекетиниң Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Гидеон Лустиг ҳәм Европа Аўқамының елшиси Тойво Клаардан исеним жарлықларын қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы сырт ел дипломатиялық ўәкилханалары басшыларын Өзбекстандағы абырайлы ҳәм жуўапкершиликли хызмети рәсмий түрде басланғаны менен қызғын қутлықлады.
Ҳәзирги күнде жер жүзиндеги турақсыз ҳәм тез өзгерип атырған дәўирде елшилердиң тек ғана өз мәмлекетлериниң мәплерин алға қойыу емес, ал халықларымыз арасында дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын ҳәр тәреплеме беккемлеўге қаратылған абырайлы жумысының әҳмийети кескин артып атырғаны атап өтилди.
Президентимиз ашық, конструктивлик ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат нәтийжесинде Жаңа Өзбекстанның халықаралық майдандағы орны ҳәм позициясы барған сайын беккемленип атырғанын атап өтти.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен мәмлекетимиз басламасы менен 10 нан аслам, соның ишинде, усы жылдың өзинде үлкен әхмийетке ийе 4 арнаўлы резолюция қабыл етилгени буны айқын тастыйықлайды.
Қурамалы глобаллық жағдайда да Өзбекстан экономикасы турақлы өсип бармақта, Жәхән банки усы жылы өсиў 5,3 процентти қурайтуғынын прогноз етпекте. Халықаралық валюта қоры атап өткениндей, өткен жылдың жуўмағы бойынша мәмлекетимиздиң жалпы ишки өними биринши рет 100 миллиард доллардан артты.
Париждеги жазғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынлары мәмлекетимиздиң жаңа спорт тарийхын жаратқан жас спортшыларымыздың рекордлары ҳәм мисли көрилмеген жеңислер майданына айланды.
-Булардың барлығы артқа қайтпайтуғын түрге енген кең көлемли реформаларымыздың нәтийжеси болып есапланады,- деди мәмлекетимиз басшысы.
Өзбекстан Республикасы “Өзбекстан-2030” стратегиясы тийкарында демократиялық жәмийет қурыў, экономиканы және де еркинлестириў, санаат ҳәм социаллық инфраструктураны модернизациялаў, исбилермен ҳәм инвесторлар ушын кең имканиятлар жаратыў сиясатын даўам еттиретуғыны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен келеси айда Олий Мажлис ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларына өткерилетуғын сайлаўлар жаңаланған Конституцияға муўапық биринши рет аралас сайлаў системасы тийкарында өткерилиўи айрықша атап өтилди.
Буннан тысқары, Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын қоллап-қуўатлап киятирғаны ушын дипломатиялық ўәкилханалар басшылары ўәкиллик етип атырған мәмлекетлер хүкиметлерине миннетдаршылық билдирилди.
Өзбекстан Президенти Ҳиндстан Республикасының елшиси Смита Пантқа мүрәжат етип, еки мәмлекет жетекшилериниң исенимли сиясий ерк-ықрары себепли мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилгенин миннетдаршылық пенен атап өтти.
Усы жылдың басынан берли еки тәреплеме товар алмасыў көлеми 30 процентке артты, биргеликтеги кәрханалар, авиақатнаўлар саны көбеймекте, туристлик алмасыў кеңеймекте, аймақлараралық қатнасықлар избе-из раўажланбақта. Өзбекстанда Ҳиндстан университетлериниң төрт филиалы табыслы жумыс алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысы жақын келешекте өз-ара саўда көлемин 1 миллиард долларға жеткериў зәрүр екенлигин атап өтти. Соның менен бирге, санлы экономика, инновациялар, мәлимлеме технологиялары, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, химия санааты, аўыл хожалығы, транспорт, туризм ҳәм басқа тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиў жойбарларын көбейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыў ҳәм “Ҳиндстан -Орайлық Азия” форматындағы сөйлесиўди даўам еттириў ушын үлкен имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан жетекшиси Корея Республикасы биз ушын Азия континентиндеги ўақыт сынақларынан өткен жақын дос ҳәм айрықша стратегиялық шерик екенин атап өтти.
Президент Юн Сок Ёлдиң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында көп тәреплемели Өзбекстан – Корея бирге ислесиўиниң жаңа басқышын баслаўға келисип алынды. Мәмлекетимизде заманагөй санаат хәм инфраструктураны қурыў мақсетинде жоқары технологиялық ҳәм инновациялық шериклик модели енгизилмекте.
Өз-ара саўда көлеми 2,5 миллиард долларды қурамақта. 700 ден аслам биргеликтеги кәрхана табыслы жумыс алып бармақта, жаңа инвестициялық жойбарлар портфели 10 миллиард долларға жетти.
Өзбекстанда Кореяның бир қатар жетекши университетлериниң филиаллары, кәсип өнер билимлендириў, инновациялар ҳәм мәлимлеме технологиялары орайлары ашылды, мектепке шекемги билимлендириў системасын жаратыўдың алдыңғы тәжирийбеси табыслы енгизилмекте, денсаўлықты сақлаў тараўында биргеликте ири жойбарлар әмелге асырылмақта.
– Ташкентте қурылған Балалар клиникасы, Корея мәденияты ҳәм көркем өнер үйи, Сеул бағы ҳәм көшеси беккем дослығымыздың жарқын символына айланды, көп миллетли халқымыздың ажыралмас бөлеги болған, 200 мың пуқараларымыздан ибарат корейс диаспорасы болса раўажланыўымызға мүнәсип үлес қоспақта,- деди Өзбекстан Президенти.
Корея Республикасының жетекши компаниялары менен оғада әҳмийетли минераллар, ярым өткизгишлер, химия санааты, “жасыл” энергетика, машина қурылысы, “ақыллы” аўыл хожалығы ҳәм транспорт тараўларында бирге ислесиў бойынша стратегиялық режелерди толық әмелге асырыў зәрүр екенлиги, сондай-ақ, парламентлераралық ҳәм аймақлараралық байланысларды және де жеделлестириў, гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиу, көп тәреплеме бирге ислесиў механизмлерин раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Монғолия елшисине мүрәжат етип, Президент Ухнаагийн Хурелсухтиң жақында Өзбекстанға болған мәмлекетлик сапары өз-ара пайдалы қатнасықларымызда жаңа бет ашқанын атап өтти.
Ташкентте Монғолия елшиханасы өз жумысын баслады. Усы жылдың басынан берли өз-ара саўда көлеми еки есеге артты. Түрли министрлик ҳәм уйымлар арасындағы қатнасықлар жеделлести.
Ерисилген келисимлерди сөзсиз орынлаў, атап айтқанда, Жеңилликли саўда ҳаққындағы келисимди қабыл етиў, пайдалы қазылмаларды өзлестириў ҳәм қайта ислеўде қатнасыў, аўыл хожалығы, шарўашылық, тери тоқымашылық, фармацевтика санааты ҳәм медицина тараўларында жойбарларды әмелге асырыў, тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў, билимлендириў ҳәм мәдений бағдарламаларды кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
БМШ, ШБШ ҳәм басқа абырайлы халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўди күшейтиў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан басшысы жер жүзиниң жетекши мәмлекетлеринен бири, үлкен интеллектуаллық ҳәм экономикалық потенциалға ийе Германия Өзбекстанның Европадағы әҳмийетли ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўшиси екенин атап өтти.
Өткен жылы Германияға әмелге асырылған еки жоқары дәрежедеги сапар етиў, сондай-ақ, Федерал Канцлер Олаф Шольцтиң жақында Өзбекстанға болған рәсмий сапары көп тәреплемели Өзбекстан- Германия қатнасықлары тарийхында жаңа дәўирди баслап берген әхмийетли ўақыялар болғаны атап өтилди.
Кейинги жыллары өз-ара саўда көлеми ҳәм биргеликтеги кәрханалар саны еки есеге, өзлестирилген инвестициялар болса 10 есеге көбейди.
Германияның жетекши компания ҳәм банклери менен улыўма баҳасы 9 миллиард евроға тең болған биргеликтеги жойбарлар ислеп шығылмақта.
“Siemens”, “Linde”, “BASF”, “MAN”, “CLAAS”, “Henkel”, “Knauf”, “Papenburg”, “Deutsche Bahn” ҳәм басқа компаниялар менен бирге ислесиўди кеңейтиў механизмлери енгизилмекте. Санаат ҳәм технологиялық бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етилди.
-Соның менен бирге, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў, миграция ҳәм туризм тараўларында да үлкен нәтийжелер күтпектемиз,- деп атап өтти мәмлекетимиз Президенти.
Сондай-ақ, жақында Астана қаласында болып өткен «Орайлық Азия-Германия» екинши саммитинде билдирилген регионаллық стратегиялық бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған басламалар қоллап-қуўатланды.
Президентимиз Израил Өзбекстанның әҳмийетли экономикалық шериги екенин атап өтти.
Өткен жылы саўда көлеми еки есеге артты, мәмлекетимизде Израил инсвестициясы қатнасыўындағы 120 ға шамалас кәрхана жумыс алып бармақта.
Өзбекстанда әййемнен жасап киятырған Бухара еврейлери елеге шекем халықларымыздың қатнасықларын беккем байланыстырыўшы ўазыйпасын атқармақта.
Президент еки тәреплеме бирге ислесиў ушын үлкен имканиятлар бар екенлигин атап өтти. Атап айтқанда, инновациялар, «ақыллы» аўыл хожалығы ҳәм суў хожалығы, ресурс үнемлейтуғын технологиялар, фармацевтика ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыўдан миннетдаршылық билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Жақын Шығыстағы жағдай тез арада әдил шешим табыўы, улыўма көрсетилген ҳүжжетлер тийкарында үзил-кесил тынышлық ҳәм турақлылық орнатылыўының қатаң тәрепдары екенин тастыйықлады.
Өзбекстан Президенти Европа Аўқамы исенимли ҳәм ўақыт сынағынан өткен бирге ислесиўши екенлигин атап өтти.
Соңғы жыллары қатнасықларымыз избе-из раўажланып, улыўма жаңа басқышқа көтерилди. Усы жылы дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгиленбекте.
Жоқары дәрежедеги сапарлар саны артпақта, Европаның бир қатар мәмлекетлери менен стратегиялық шериклик орнатылды, өткен жылы Европа Аўқамы мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 30 процентке артты.
«Жасыл» экономика, альтернатив энергетика, жоқары технологиялық санаат, инновациялар, минерал ресурслар, аўыл хожалығы, экология, илим ҳәм билимлендириў тараўларында ири биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.
Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге тез арада қол қойылыўы қатнасықларымызды және де тереңлестириўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
-Европа тәрепи менен сиясий қатнасықларды жеделлестириў, демократиялық институтларды беккемлеў, инсан ҳуқықлары мәселелеринде ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириў, экономика, инвестиция ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында бирге ислесиўдиң жаңа «өсиў ноқатлары»н табыў, пуқараларымыздың барып-келиўи ушын виза режимин жеңиллестириў сыяқлы әҳмийетли бағдарларды биргеликте ислеў нийетиндемиз, -деди Өзбекстан Президенти.
Европа Аўқамының Орайлық Азия менен бирге ислесиўи кеңейип атырғаны да атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы келеси жылы Самарқанд қаласында «Орайлық Азия- Европа Аўқамы» саммитин өткериўге таярлық көрилип атырғанын мәлим етти.
Мәресим жуўмағында Өзбекстан Президенти жаңадан тайынланған елшилерге абырайлы жумысында үлкен табыслар тиледи, елимизде әмелге асырылып атырған қурылыс ислери ҳәм реформалардың нәтийжелери менен, әсиресе, ең шетки район ҳәм аўылларға барып жақыннан танысыўды усыныс етти.
Өз гезегинде, сырт ел дипломатлары қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, көп тәреплемели ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме беккемлеў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша жумысын нәтийжели алып барыўына жаратылған шараятлар ушын миннетдаршылық билдирди.
ӨзА