Испанияның Леон қаласында аўыр атлетика бойынша жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Бул жарыста қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы 21-22-сентябрь күнлери өткерилген беллесиўлер жуўмағында бир қатар табысларды қолға киргизди.

Атап айтқанда, қызлар арасында -59 кг салмақта қатнасқан Нигара Абдуллаева штанганы тикке көтериўде 93, силкип көтериўде 115 кг, улыўма 208 кг нәтийже көрсетип, қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Ал, жигитлер арасындағы жарыста -73 кг салмақта қатнасқан Ҳусинбой Матрасулов штанганы тикке көтериўде 148 кг нәтийжеге ерисип, гүмис медальды жеңип алды.

Ал, бүгин -81 кг салмақта Абдулазиз Алимжонов ҳәм Хайитбой Абдушукуровлар елимиз абырайын мүнәсип түрде қорғаўға ҳәрекет етеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы