Кеше Будапешт қаласында өткерилип атырған 45-Пүткил жер жүзилик  шахмат Олимпиадасында 8-тур ойынлары болып өтти.

Онда Өзбекстан ерлер сайланды командасы сербиялы  шахматшыларды 2,5:1,5 есабында қыйыншылық пенен жеңип шығыўға миясар болды. Өткерилген ойынлар даўамында командамыздың 3 шахматшысы өз қарсыласлары менен теңбе-тең ойнап, командамыз жанкүйерлерин әдеўир қәўетерге салды. Буннан соң еки команда жетекшилери Надирбек Абдусатторов  ҳәм Александр Предке арасында ойын өткерилип, онда өзбекстанлы шахматшы 1:0 есабында жеңип шығыўға еристи.

Бул жеңистен соң Өзбекстан ерлер сайланды командасы турнир кестесинде үшинши орыннан екинши орынға көтерилип алды. Турнирде биринши орынды 16 упай менен Ҳиндстан ийелеп тур.

Ал, қызларымыз болса, АҚШ сайланды командасы менен өз-ара беллесип, онда 0,5-3,5 есабында жеңилип қалды.

Бул ушырасыўда АҚШ сайланды командасы қурамында ойнап атырған Гүлруҳбегим Тахиржанова қатнаспады.

Әлбетте, бул жеңилис қызлар сайланды командамыздың турнир кестесиндеги орнына кери тәсир етип, 11-орыннан 25-орынға түсип кетти.

Бүгин Өзбекстан ерлер сайланды командасы өзлериниң тийкарғы қарсыласларынан бири Ҳиндстаннан менен ушырасады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы