Париж-2024  жазғы Олимпиада ойынларының жуўмақлары ҳәм алдында күтип турған ири комплексли жарысларға таярлық мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

Онда Спорт министри Адҳам Икромов, Азия Олимпиада кеңеси вице-президенти Отабек Умаров ҳәм басқа жуўапкерлер қатнасты.

Ушырасыўда жазғы Олимпиада ойынларындағы жеңис ҳәм жол қойылған кемшиликлер үйренилип, зәрүр ўазыйпалар белгилеп алынды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 28-август күни спортшы ҳәм тренерлер менен ушырасыўда жаңа Олимпиада цикли ушын белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселеси де көрип шығылы.

Сөйлесиўде Ташкент -2025 жаслар Азия ойынларына таярлық, атап айтқанда, ойынлар бағдарламасы ҳәм оған киргизилетуғын спорт түрлерин көрип шығыў күн тәртибинен орын алды. Барлық мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Сөйлесиў жуўмағында Аичи-Нагоя -2026 жазғы Азия ойынлары ҳәм Лос-Анджелес-2028 жазғы Олимпиада ойынларына таярлық режелерине де айрықша тоқтап өтти. Онда командалық спорт түрлери ҳәм ҳаял-қызлар спортына және де көбирек итибар қаратыў, сайланды командалардың техникалық базасын жақсылаў, тәжирийбели сырт елли тренерлерди кеңнен тартыў, спортшылардың медициналық тәмийнатын күшейтиў бойынша усыныслар билдирилди.

 

ӨзА