Мәмлекетимизде исбилерменлер ушын жаратылып атырған имканиятлар жаңа брендлердиң қәлиплесиўи ҳәм халықтың исенимине ерисиўине тийкар болмақта. Әлбетте, миллий брендлердиң тек ғана ишки базарда емес, халықаралық дәрежеде танылыўы бул елимиздиң дүнья базарында өз орнына ийе болыўында тийкар  болатуғынлығы сөзсиз.

Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тарепинен «Өз брендиңизди жаратың!» атамасында семинар болып ѳтти. Илажда Басқарма баслығыныӊ орынбасары М.Косназаров, “KUSHMAG NUKUS” ЖШЖ директоры М.Комеков, “ALPAMIS STOMADENT” ЖШЖ директоры М.Жолшимова, “NEO INFOTEX” жеке меншик кәрханасы директоры С.Молченко ҳәм  исбилерменликке қызығыўшы жаслар қатнасты.

Семинарды шѳлкемлестириўден тийкарғы мақсет – исбилерменлер ҳәм бизнеске қызығыўшы жаслардыӊ жеке бизнеси бренди бойынша билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў, халықаралық брендлер менен шерикликти әмелге асырыў ҳәм миллий брендлерди буннан былай да раўажландырыўдан ибарат.

Ушырасыўда қатнасыўшылар Республикамызда белгили бренд ийелери тәрепинен өз брендин жаратыў ҳәм раўажландырыў бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болды. Яғный, тәжирийбели исбилерменлер жеке брендке тийкар салыўдыӊ әҳмийетли тәреплери, брендке ерисиўдиӊ тийкарғы басқышлары, брендтиӊ халықаралық бизнес қатнасықларындағы роли ҳаққында өз пикирлерин усынып, тәжирийбелери менен ортақласты.



Семинар даўамында қатнасыўшы жаслар исбилерменлик ҳәм жеке бренд бойынша ѳзлериниӊ қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги