Қанлыкөл районындағы Мәденият орайында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен талантлы ҳаял-қызлар арасында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти  Айымхан Шамуратова естелигине бағышланған “Саҳра бүлбили” атамасында республикалық таңлаў болып өтти.

Оған республикамыздыӊ қала ҳәм районларынан 6 жастан 35 жас аралығындағы отызға шамалас талантлы ҳаял-қызлар қатнасты.

Таңлаўға бағышланған илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары Б. Аллаков, Қанлыкөл районының ҳәкими Б.Султанов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Р.Сапарова, қосықшының қызы А.Шамуратова шығып сөйлеп, таңлаў қатнасыўшыларына әўмет тиледи.

Илажда атап өтилгениндей өзиниң йошлы қосықлары, өлмес образлары менен халқымыздың кеўлинен терең орын ийелеген, 60 жылдан аслам ўақыт дөретиўшилик майданында мийнет еткен Айымхан Шамуратованың исмин халқымыз үлкен ҳүрмет пенен тилге алады. Сөнбес сахна жулдызы Айымхан Шамуртова 1917-жылы Қоңырат районында дүньяға келеди. 1932-жылы Төрткүлке оқыўға келип, ҳәўескерлер дөгерегине қатнайды.  Жағымлы ҳаўазы, тәбият инәм еткен илаҳийда таланты менен көзге түскен Айымхан Шамуратова театр сахнасында  дәслеп “Қорлықтан азат”, “Бул ким?”, “Гүлсара”, “Теңин тапқан қыз”,  соңынан “Алпамыс”, “Қырық қыз”, “Ғәрип ашық”, “Бир үйде еки өмир”, “Раўшан” ҳәм басқа да спектакльлерде бас қаҳарман рольлерин шеберлик пенен атқарып, халқымыздың алғысына бөленди.

Айымхан Шамуратованың атқарыўындағы “Бозатаў”, “Муңлы қыз” қосықлары 1936-жылы биринши рет пластинкаға жазып алынады. Ол атқарған қосықлар бүгинги күни де өз әҳмийетин жойытпай, қосықшылық өнерине қәдем таслап атырған жасларымыз ушын шеберлик мектеби ўазыйпасын атқарып киятыр. Ол Түркменстан, Қазақстан, Тәжикстан, Әзербайжан еллеринде өткерилген мәденият күнлеринде, Орта Азия еллериниң көркем өнер фестивальларында мүнәсип қатнасып, елимиздиң бай мәдениятын, көркем өнерин дүнья халықларына танытыўда белсендилик көрсетти.

Атап өтиў орынлы, көп жыллардан берли республикамызда Айымхан Шамуратованың естелигине жас қосық атқарыўшылардың таңлаўы өткерилип келинбекте.  Сондай-ақ, Әмет ҳәм Айымхан Шамуратовалардың үй музейи ҳәм “Айымхан лапызы” ансамбли шөлкемлестирилип, оған олардың қызы  Айымгүл Шамуратова басшылық етип киятыр. Атақлы сахна шебери Айымхан Шамуратованың мийнетлери ылайықлы баҳаланып, “Қарақалпақстан халық артисти”, “Өзбекстан халық артисти”, «Бурынғы аўқам халық артисти” атақлары  ҳәм “Буюк хизматлари учун” ордени менен сыйлықланды.

ϴткерилген таӊлаў шын мәнисинде елимизде қосықшының мүнәсип избасарлары жетилисип шығып атырғанлығыныӊ айқын мысалы болды. Таӊлаў жуўмағында 16-19-жас аралығындағы ҳаял-қызлар арасынан биринши орынды Саятхан Жолдасбаева (Нөкис қаласы), екинши орынды Азиза Қарлыбаева (Кегейли районы), үшинши орынды Альфия Муратбаева (Нөкис қаласы)лар жеӊип алды. Ал, 19-35-жас аралығындағы қатнасыўшылар арасынан биринши орын  Миясар Жуматова (Нөкис қаласы), екинши орын Гүмисай Есназарова (Қанлыкөл районы), үшинши орын Севара Аллияроваларға (Қоӊырат районы) несип етти.

Жеӊимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги