Орайлық Азияның ең ири технопарклери — IT Парк Өзбекстан ҳәм “Astana Hub” регионаллық стартап экосистеманы раўажланыдырыў ҳәм инновациялық потенциалды халықаралық көлемде алға қойыў мақсетинде “Central Asian Innovation Hubs” атамасы астында бирлеспекте.

“ICT WЕЕК UZBEKISTAN-2024” шеңберинде IT Парк Өзбекстан бас директоры Фарҳод Ибрагимов ҳәм “Astana Hub” бас директоры Магжан Мадиев тийисли бирге ислесиў меморандумына қол қойды.

Бул бирге ислесиўдиң мақсети улыўма регионаллық идентитетти жаратыў, стартап экосистемасын ҳәм венчун фондларын раўажландырыў бойынша тәжирийбе алмасыў болып табылады. Сондай-ақ, Орайлық Азияның перспективалы жойбарларын халықаралық платформаларда алға қойыў бойынша бир қатар биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Атап өтилиўинше, жыл жуўмағына шекем еки мәмлекет технопарклери бирлескен бренд астында бир қатар ири халықаралық илажларда қатнасады. Атап айтқанда, Бакудеги “InMerge” илажында регионнан 4 стартап халықаралық инвесторлар ҳәм фондларға бериледи.

Буннан тысқары, регионаллық стартап жойбарларының “Hero Training Program”, “Stanford HealthTech Accelerator” ҳәм “Alchemist Accelerator” бағдармаларында қатнасыўын тәмийинлеў режелестирилген.

Бул бирге ислесиў стартап экосистемалардың раўажланыўына жаңа бағдар ҳәм түртки береди ҳәм Орайлық Азия регионының инвестициялық тартымлылығын арттырады.

Илажда атап өтилиўинше, “Central Asian Innovation Hubs” жаратылыўы арқалы регионаллық стартаплардың глобал көлемде танылыўы арқалы ҳәм тийкарын салыўшыларына өз инновацияларын халықаралық платформаларда санаат жетекшилерине көрсетиў ушын жаңа имканиятлар ашылады.

Беҳруз Худойбердиев, ӨзА