Елликқала районы «Жаңа Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйынындағы «Элим толаси» фермер хожалығының дийқанлары пахта тапсырыў бойынша шәртнамалы режени бириншилерден болып орынлады.

Быйылғы жылы фермер хожалығы 22,4 гектар майданға жақсы нийетлер менен шигит таслаған еди. Мәўсим даўамында ғаўашаға агротехникалық қәделер тийкарында тәрбия берилиўиниң нәтийжесинде пахта тапсырыў бойынша шәртнамалы режени районда бириншилерден болып орынлаўға еристи. Биринши теримниң өзинде-ақ, 48 тонна орнына 72 тонна тапсырылып, реже артығына орынланды. Алдыңғы теримшилер тәрепинен ҳәр күни 100-130 килограммнан арттырып пахта терилмекте.

Фермер хожалығының баслығы Қадамбай Казаковқа район ҳәкимлигиниң баҳалы саўғалары тапсырылды. Сондай-ақ, бәлент қырманға мүнәсип үлес қосқан  теримшилер район ҳәкимлиги ҳәм фермер хожалығы тәрепинен хошаметленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги