Қараөзек районының дийқан фермерлери быйылғы бәҳәр мәўсиминде 4700 гектар жерге шигит егип, оны белгиленген агротехникалық талапларға сай тәрбиялады ҳәм олардың күн-түн демей ислеген машақатлы мийнетлериниң арқасында ғаўаша атызларында дийдиленгендей мол зүрәәт жетистириўге еристи. Атап айтқанда, район фермерлери быйыл пахта қабыллаў пунктлерине 13 200 тонна пахта тапсырыўды режелестирип, соның көпшилик бөлегин жоқары сортларға сатыўды нийет еткен.
Бердақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан пахта қабыллаў пунктинде, быйылғы жылдың пахта терими ҳәм қабыллаўға бағышланған илаж болып өтти.
Оған райондағы сектор басшылары ҳәм аўыл хожалығына тийисли мәкемелер менен фермер хожалығы баслықлары, аймақ жасы үлкенлери қатнасты.
Онда район ҳәкими Анвар Баймуратов ҳәм басқалар фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген зүрәәтти қысқа мүддетте сапалы етип терип алыў, фермер хожалығы ағзалары ҳәм теримшилерге барлық қолайлы жағдайлар жаратыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, бириншилерден болып пахта тапсырған фермерлерге арнаўлы саўғалар тапсырылды.
Пахта жыйын-терим мапазы республикамыздың басқа аймақларында баслап жиберилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы