Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-сентябрь күни Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының орынбасары Виталий Савельев, Россия Президенти мәсләҳәтшиси Игорь Левитин ҳәм «Российские железные дороги» компаниясының басқарма баслығы Олег Белозёровтан ибарат делегацияны қабыллады.

Ушырасыў алдында Россия делегациясы ағзалары мәмлекетимиз басшысына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Усы жылдың 26-28-май күнлери Ташкент қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Регионда нәтийжели транспорт жолларын раўажландырыў бойынша муўапықластырылған илажлар көриўге айрықша итибар қаратылды.

Транспорт тараўында санаат кооперациясы жойбарларын жеделлестириў, автомобиль, темир жол ҳәм авиация бағдарларында шерикликти және де кеңейтиў, жоқары тәжирийбели инженер кадрлар таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА