Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм Германияның “DB Engineering Consulting Operations Group” компаниясы арасында усы мақсетке қаратылған протоколға қол қойылды.

“Deutsche Bahn” – Германияның тийкарғы темир жол операторы болып есапланады. 100 процент мәмлекет қатнасыўындағы акционерлик жәмийети. Компанияның улыўма айланыс капиталы 76 миллиард 303 миллион евроны қурайды.

Ендигиден былай Германияда транспорт, инженерлик тараўларында жумыс ислеўди қәлеген ўатанласларымыз усы мәмлекеттиң стандартлары тийкарында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик ҳәм Транспорт министрликлери жанындағы кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде германиялы қәнигелер тәрепинен тил ҳәм кәсипке үйретиледи.

-Темир жол транспорты, автобус, метрополитен системасы ушын қәнигелерге талабымыз бар ҳәм оларды немис стандартлары тийкарында Өзбекстанда оқытып, кәсип ҳәм тил имтиханларынан табыслы өткен талабанларды “Deutsche Bahn” тармағына жумысқа жайластырыўға таярмыз, – деди Нико Варбанофф.

                                                                                                                        ӨзА