Усы жылы 17-сентябрь күни Нөкис қаласындағы “Дослық” майданында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти тәрепинен шөлкемлестирилген “Қәўипсиз өмир ушын бирлесейик!” сүрени астында кең көлемли ғалаба илажлардың ашылыў мәресими болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик департаментиниң баслығы Бекмурод Абдуллаев қатнасып, жыйналғанларды жаслар фестивалының ашылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде жасларға болған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланып бармақта. Әсиресе, Президентимиз тәрепинен қарақалпақстанлы жасларға көрсетилип атырған ғамхорлық, олар арасынан көплеген талантлы ҳәм уқыплы, соның менен бирге елимиздиң раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосатуғын жаслардың жетилисип шығыўына беккем тийкар болып хызмет етпекте. Президентимиздиң пәрманы тийкарында быйылғы жылы да қарақалпақстанлы жаслар ушын жоқары оқыў орынларына кириўге қосымша 10 мың квота берилгени кеўиллерди мақтаныш сезимлерине бөлемекте.
Илаждың дәслепки күни Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик департаментиниң баслығы Бекмурод Абдуллаев тәрепинен жаслардың машқалаларын анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди. Онда 63 жас өзлерин қыйнап киятырған машқалалар бойынша мүрәжат етип, олардың көпшилиги сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты.
Үш күн даўамында “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” командасының, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги структураларының, спорттың жаўынгерлик түри бойынша жас спортшылардың көргизбели шығыўлары, “Жаслар жынаятшылығы ҳәм ҳуқықбузарлықтан жырақ пуқаралар жыйыны”, “Жасларға ең көп жәрдем көрсеткен исбилермен”, “Қәўипсиз ҳәм айдын жол”жойбарлары, “Зәкаўат”жарысы, “Кеўиллерде Ўатан туйғысы” сүрени астында қосық ҳәм поэзия кешеси, волейбол бойынша “Ишки ислер министриниң кубоги” ушын жарыс, “Жаңа Өзбекстан бойлап саяхат ет!” сүрени астында экскурсия ҳәм басқа да қызықлы илажларды өткериў режелестирилген.
Бул жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлардың бири болып, өсип киятырған жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, олар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жаслардың әскерий ҳәм ҳуқықый билимлерин арттырыўға хызмет етеди.
Ашылыў салтанаты даўамында өткерилип атырған илажларда белсендилиги ҳәм айрықша қәбилети ушын бир қатар жаслар мүнәсип хошаметленди.
Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги