Қытайдың Пекин қаласында Миллий интеллектуаллық мүлк ҳәкимшилиги ҳәм Пүткил жер жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеми (ПИМШ) менен биргеликте «Бир мәкан, бир жол» басламасы мәмлекетлериниң интеллектуаллық мүлк бойынша үшинши конференциясы болып өтти.

Онда Өзбекстан әдиллик министриниң орынбасары Музраф Икромов басшылығындағы делегация қатнасты.

Конференцияда интеллектуаллық мүлк тараўында регионаллық бирге ислесиўди күшейтиў менен бир қатарда қаржылай имканиятлар арқалы инновация ҳәм дөретиўшиликти күшейтиў мәселелери додаланды.

«Бир мәкан, бир жол» басламасы мәмлекетлери интеллектуаллық мүлк тараўында ашықлық, бирлик, өз-ара пайдалы бирге ислесиў орнатыў ҳәм тараўды раўажландырыў бойынша келисимлерге еристи.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Әдиллик министрлиги интеллектуаллық мүлк тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясат алып барады. Ойлап табыўлар, товар белгилери, авторлық ҳуқықы ҳәм басқа интеллектуаллық мүлк объектлерине болған ҳуқықларды қорғайды. Бул бағдардағы ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыўда алдынғы халықаралық тәжирийбени үйренип барады. Бирге ислесиў жойбарларын әмелге асырады.

Н.Абдураимова, ӨзА