Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Аўыл хожалығында еркин базар қатнасықларын және де раўажландырыўдың биргеликтеги илажларының белгиленгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына:

Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры жумысының тийкарғы ўазыйпалары, ҳуқықлары менен миннетлемелерин ҳәм оның қаржыларын қәлиплестириўдиң тийкарғы дәреклерин қайта белгилеў;

Қор тәрепинен төленетуғын субсидияларды Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң  «Субсидиялар» порталы арқалы бериў;

ҳәкимшилик реформалар шеңберинде республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының атларын нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықластырыў;

Қордың қаржылары есабынан жеңиллетилген кредитлердиң процент ҳәм мүддетлерин қайта белгилеў;

«Агроплатформа» АК арқалы жеңиллетилген кредитлеў ушын арза бериўди әпиўайыластырыў;

өним жеткерип бериў бойынша биржа саўдалары арқалы дүзилген фьючерс шәртнамаларын бийкарлаў ҳәм өнимди қайта саўдаға шығарыў тәртибин әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықластырыўды нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи.

ӨзА