Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Қазақстанға келди.

Астана халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Бас министри Олжас Бектенов ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.

Бүгин Өзбекстан жетекшиси екинши «Орайлық Азия – Германия»  саммити илажларында қатнасады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги