Мәмлекетимизге Германия Федераль Канцлериниң рәсмий сапары шеңберинде Өзбекстан Ишки ислер министри Пўлат Бобожоновтың Германия Федеративлик Республикасы Ишки ислер ҳәм ўатан министри Ненси Фезер ханым менен ушырасыўы болып өтти.
Онда тәреплер еки мәмлекет ишки ислер министрликлери арасындағы бирге ислесиў соңғы жыллары басқышпа-басқыш раўажланып атырғанына тоқтап өтти.
Соның ишинде, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) тәрепинен шөлкемлестирилип атырған ҳуқықтаныў ҳәм профилактикаға байланыслы семинар-тренинглер нәтийжели болмақта.
Орайлық Азияның ҳуқық қорғаўшы уйымлары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў жойбары шеңбериндеги тәжирийбе алмасыўы менен байланыслы илажлар, сондай-ақ, Германия Жынайый полиция Федераль уйымының Орайлық Азия бойынша ўәкили Олаф Ворбс пенен еки тәреплеме ушырасыў ҳәм биргеликтеги әмелий илажлар ҳаққында да усындай деп айтыў мүмкин.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Өзбекстанға келип атырған сырт ел пуқараларына қолайлық жаратыў мақсетинде 81 сырт мәмлекет, соның ишинде, Германия пуқараларына Өзбекстанда 30 күнге шекем визасыз болыў имканияты енгизилген.
Нәтийжеде елимизге келип атырған германиялылар саны жылдан-жылға артып бармақта. Мәселен, 2022-жылы олардың саны 40 мыңды қураған болса, усы жылдың 8 айында бул көрсеткиш 51 мыңнан артқан. Өз гезегинде, Германияда турақлы ислеп ҳәм жасап киятырған Өзбекстан пуқараларының саны 2 мыңнан артқан.
Жоқары дәрежедеги ушырасыўлар шеңберинде қол қойылған «Миграция ҳәм мобиллик ҳаққында»ғы ҳүкиметлер аралық Келисим де келешекте пуқараларымыздың өз-ара сапарларының жеделлесиўине хызмет ететуғынына айрықша итибар берилди.
Тәреплер кибержынаятшылыққа қарсы нәтийжели гүресиў ҳәм санлы криминалистиканы раўажландырыў, сондай-ақ, кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаў мәселелеринде тәжирийбе алмасыўы шеңберинде бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алды.
Ушырасыў дослық ҳәм конструктивлик руўхта өткени ҳәм жақын келешекте орынланыўын күтип атырған перспективалы ўазыйпалардың белгилеп алынғаны айрықша атап өтилди.
Н.Абдураимова, ӨзА