Кеше Өзбекстан ҳәм Германия арасында санаат ҳәм технологиялар бойынша стратегиялық шериклик бағдарламасы таярланғаны атап отилди. Германияның жетекши компания ҳәм бнклери менен улыўма баҳасы дерлик 9 миллиард евро болған бирге ислесиў жойбарлары ислеп шығылып атырғанын атап өтти.

Самарқанд қаласындағы Конгресс орайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федерал Канцлери Олаф Шольцтиң тар шеңберде ҳәм делегациялар қатнасыўындағы сөйлесиўлери болып өтти. Онда мине, усындай әҳмийетли санлар тилге алынды.

Даўам етип атырған тарийхый сапардың әҳмийетин Германия делегациясы ўәкиллери жоқары баҳаламақта.

– Өзбекстанға оғада көп келип-кетемен, – дейди “Mangold Consulting GmbH” халықаралық консалтинг компаниясы басшысы Клаус Санголд. – Жумысымыз көп, жойбарлар бар. Кейинги жыллары мәмлекетлеримиз арасындағы байланыслар жаңа басқышқа көтерилгенинен барлық тараў ўәкиллери мәпдар. Өз тараўымнан келип шығып айтаман, Германияның жетекши компаниялары менен бирге ислесиў әдеўир жанланды. Текстиль, билимлендириў, мәденият, туризм ҳәм басқа тараўларда байланыслардың избе-излиги итибарға ылайық. Өзбекстан ертенги күнине, өзине исенеди. Келешекте әмелге асырылыўы мөлшерленип атырған басламалары көп. Мәмлекет басшыларының исенимли ерк-ықрары ҳәм ақылға уғрас сиясаты мақсетлерге ерисиўиңизде әҳмийетли фактор. Елиңиздиң келешекте үлкен санаатласқан мәмлекетке айланатуғынына исенемиз.

Жаңалыққа умтылыўшы, қәбилетли жасларыныз бар. Ҳәзир биз мәмлекетиңизге Германиядан өндирис кәрханларын тартыў, өнимди сырт елге экспорт етиўди режелестиргенбиз. Соны исеним менен айтыўым мүмкин, буның ушын имканиятлар оғада көп. Бул процесске қәбилетли жасларды тартқан ҳалда жоқары шеклерге ерисиўи мүмкин. Өзбекстан ҳәм Германия жаслары өз-ара тәжирийбе алмасып, өз бизнеслерин жолға қойып атырғаны да мени қуўандырады. Өзбекстанға жаңадан келген кәсиплеслериме Ташкент қаласындағы Технопаркке барыўды усыныс етемен. Ол жердеги жаратылған имканиятлар, шараятлар жоқары дәрежеде. Бул Өзбекстандағы улыўма исбилерменлик орталығы қандай болатуғынын көз алдымызға келтириўде жақсы имканият.

Икром АВВАЛБОЕВ, ӨзА