Қәдирли ўатанласлар!
Қаҳарман ул-қызларым!
Ҳүрметли устаз-тренерлер, әзиз ата-аналар!
Усы күнлерде жанажан елимиз үлкен байрам кейпияты пенен жасамақта.
Сиз, әзиз спортшылар Францияның Париж қаласында болып өткен XVII жазғы Паралимпиада ойынларында рекорд нәтийжелерге ерисип, елимизге мине, усындай байрам руўхын алып келдиңиз.
Ҳәммеңизди таң қаларлық жетискенлик ҳәм нәтийжелериңиз бенен өзимниң атымнан, ел-халқымыздың атынан шын жүректен қызғын қутлықлайман.
Ҳүрметли дослар!
Бул халықаралық спорт әнжуманында дүньяның 168 мәмлекетинен 4 мың 400 ге шамалас ең күшли ҳәм шебер спортшылар қатнасқаны оның абырайы ҳәм көлеминиң қаншелли үлкен екенинен дерек береди.
Усы мәниде, Паралимпиада ойынлары – бул ҳақыйқый ерк-ықрар, жигерлилик ҳәм мәртлик, жақсылық ҳәм гуманизм көриниси, десек, дурыс болады.
Сиз, күш-ғайратлы перзентлеримиз оғада кескин беллесиўлерде жоқары шеклерди ийелеп, жарыслардың ҳақыйқый қаҳарманларына айландыңыз.
Өзбекстан командасы 10 алтын, 9 гүмис, 7 бронза медалды қолға киргизип, улыўма командалық есапта 13-орынды, Азия континентинде 3-орынды, түркий ҳәм ислам мәмлекетлери ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы бойынша 1-орынды ийелегени оны айқын тастыйықлап тур.
Бизге белгили, Өзбекстан өзиниң спорт тарийхында көп-көп жетискенлик ҳәм жеңислерди көрген. Бирақ Паралимпиада ойынларында бундай рекорд нәтийже бурын ҳеш қашан болмаған еди.
Бул – сизлердиң тынымсыз мийнетиңиз, бүгилмейтуғын ерк-ықрарыңыз, талант ҳәм шеберлигиңиздиң нәтийжеси болып есапланады.
Бул –елимизде инсан қәдирин әмелде тәмийинлеўге қаратылған системалы жумысларымыздың нәтийжеси.
Өз Ўатанын шын кеўли менен сүйетуғын, беккем ерк-ықрарлы, жүрегинде оты бар инсанлар ғана усындай уллы ислерди ислей алады.
Халқымыз сизлер менен шексиз мақтанады.
Үлкен рахмет сизлерге!
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Биз Токио Паралимпиада ойынларынан соң кейинги сапар әлбетте, күшли «он бесликке» киремиз, деп жақсы нийет еткен едик.
Өткен жыллар даўамында усы мақсет жолында тынымсыз мийнет еттик. Спортшыларымыз ушын барлық зәрүр шараятларды жаратып, жоқары шеклер ушын пуқта тийкар таярладық.
Нәтийжеде Өзбекстан быйылғы Паралимпиада ойынларында биринши мәрте ең көп қурам менен, яғный 9 спорт түри бойынша 65 спортшы менен қатнасты.
Әсиресе, пара велоспорт бойынша ўәкиллеримиз бул жарысларда биринши мәрте қатнасып атырғанын айрықша атап өтиў керек.
Әлбетте, Паралимпиада ойынларында ерисилген ҳәр бир жетискенлик, ҳәр бир нәтийже теңсиз әҳмийетке ийе. Себеби, төрт жылда бир мәрте өтетуғын бундай ири халықаралық жарыс арқалы дүнья жәмийетшилиги ҳәр бир қатнасыўшы мәмлекетте инсанның физикалық ҳәм руўхый потенциалын жүзеге шығарыўға қандай итибар қаратылып атырғанына баҳа береди.
Соның ушын, сизлер тарийхый жетискенликлериңиз бенен Өзбекстанның даңқын, елимиз абырайын жоқары басқышқа алып шықтыңыз, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Бүгин Паралимпиада жуўмақларын анализлеп, бәринен бурын, ерисилген рекорд нәтийжелерге итибар бериўимиз тәбийғый, әлбетте.
Бәринен бурын, бул Паралимпиадада елимиз ўәкиллери жәми 26 медалды қолға киргизип, тарийхый рекорд орнатқанын атап өтиў керек. Бундай мисли көрилмеген, айдын жеңис Өзбекстан тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылды.
Бул ҳаққында айтқанда, әпсаналық жеңил атлетикашымыз Ҳусниддин Норбековтың мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте үш мәрте Паралимпиада чемпионы болғанын, соның менен бирге жаңа рекорд орнатқанын айрықша атап өтиў керек.
Палўан улларымыз Бобиржан Омонов ҳәм Шерзод Намозов ядро ылақтырыў ҳәм дзюдо бойынша екинши мәрте алтын медалларды қолға киргизди. Бобиржан болса Паралимпиада рекордын да жаңалағаны жоқары тән алыўға ылайық.
Мине, бизиң қандай баҳадыр перзентлеримиз бар!
Ҳәзирги ўақытта жоқары жигерли қызларымыз да Өзбекстанның жеңисине мүнәсип үлес қосқаны ҳаққында қанша мақтаныш пенен айтсақ арзыйды, әлбетте. Командамыз қолға киргизген медаллардың 11и әйне қызларымыздың есабына жазылғаны да бул пикирди айқын тастыйықлайды.
Күш-жигерде теңсиз қызларымыз Асила Мирзаёрова узынлыққа секириў, Нурхан Қурбонова болса найза ылақтырыў бойынша Паралимпиада чемпионлары болды. Олар өз нәтийжелери менен бул ойынлардағы ҳәм дүнья көлеминдеги рекордларды да жаңалағанына таң қалмаўдың илажы жоқ.
Нурхон қызымыз соның менен бирге ядро ылақтырыў бойынша бронза медалды да қолға киргизди ҳәм еки медаль ийесине айланды.
15 жастағы наўқыран қызымыз – Шаҳинахан Йигиталиева гүмис медалды қолға киргизип, Паралимпиада ойынларындағы ең жас сыйлы орын ийеси сыпатында тарийхқа кирди.
Бәракалла сизлерге, әзиз қызларым!
Берекет табың, бәрқулла бахтыңыз, әўметиңизди берсин!
Шебер спортшымыз, Толиббой Йўлдошев да бир дегенде еки шекти ийеледи. Көрип турғаныңыздай, оның көкирегинде де алтын ҳәм бронза медаллар нур шашып тур.
Және бир қаҳарманымыз, еки мәрте Паралимпиада чемпионы Ёрқинбек Одилов найза ылақтырыў бойынша Азия рекордын жаңалады.
Бүгин, мине, усы салтанатлы мәресимде Қудратиллохон Маъруфхўжаев, Элбек Султонов, Асадбек Тоштемиров, Шерзод Намозов сыяқлы палўанларымызды да алтын медаллар менен шын жүректен қутлықлаймыз.
Қаҳарман спортшыларымыз ерискен жетискенликлер ҳаққында толып-тасып, және узақ айтыў мүмкин.
Полат ерк-ықрарлы қызымыз Рўза Қўзиева пауэрлифтинг бойынша гүмис медалды қолға киргизди. Тийкарында бул алтынға тең жеңис екенин пүткил дүнья тән алды.
Таэквондо бойынша сайланды командамыз биринши мәрте Паралимпиада ойынларында 3 медалды қолға киргизди ҳәм улыўма командалық есапта 3-орынды ийеледи.
Жеңил атлетика бойынша ўәкиллеримиз болса биринши мәрте 8 алтын медалды, яғный ең жоқары сыйлы орын ийелериниң 80 процентин ийелегени айрықша дыққатқа ылайық.
Бир сөз бенен айтқанда, сизлер Өзбекстан Паралимпиада ҳәрекетиниң алтын әўлады сыпатында ортаға шығып, мәмлекетимизге мисли көрилмеген үлкен табыслар алып келдиңиз.
Әне, усы жеңислер ҳүрметине Парижде Өзбекстан гимни 10 мәрте жаңлап, мәмлекетимиздиң байрағы 26 мәрте бийикке көтерилгенинде миллий мақтанышымыз да жоқарыларға көтерилди, десек, қәте болмайды.
Мине, биз мақсетке шын кеўилден умтылсақ, қандай уллы шеклерди ийелей аламыз!
Мине, биз бирлесип, тилеклес болып ҳәрекет етсек, қандай уллы халық, қандай уллы Ўатанбыз!
Әзиз дослар!
Әлбетте, бәрқулла кескин ҳәм аяўсыз гүреслер менен өтетуғын Паралимпиада ойынларында тек ғана ең күшли ҳәм ерк-ықрарлы спортшылар қатнаса алады.
Усы мәниде, бул рет азғана әўмет жетиспеген болса да, Ўатанымыздың даңқын бар күш-ғайраты менен қорғаған, қызғын беллесиўлерде үлкен тәжирийбе арттырған спортшыларымыз – парадзюдошылар Турғун Абдиев, Улжан Амриева, Шоҳруҳ Мамедов, Феруза Эргашева ҳәм параканоэши Шаҳзода Мамадалиеваны да қызғын қутлықлап, ендиги жарысларда олардың барлығына табыс яр болыўын тилеймиз.
Қәдирли ул-қызларым!
Сизлер ерискен бул үлкен жеңислер Алла тааланың ҳақыйқый жаратылысы болған инсанның қандай теңсиз имканиятларға, қандай қүдиретке ийе екенин және бир мәрте анық көрсетти.
Шынында да, бул өмирде көп нәрсени шешетуғын фактор – бул жоқары ерк-ықрар ҳәм жигер болып есапланады. Бирақ адамның кеўлине мине усындай ерк-ықрарды сиңдириў, оны тәрбиялап, камалға келтириў – бул әлбетте, аңсат жумыс емес.
Бундай мәртлик ҳәммениң де қолынан келмейтуғынын ашық айтыў керек.
Сиз, әзиз перзентлерим бүгинги жеңис текшесине жетип келгенге шекем қандай узақ, аўыр ҳәм машақатлы жолды басып өткениңизди мен өзим жақсы елеслеймен.
Бул алыс жолда гейде ҳәр қыйлы сынақ ҳәм машқалалар, гүманлар, исенимсизлик, дәрт ҳәм әрманлар да сизлерди қыйнағанын, қаншадан-қанша узын түнлерди уйқыламастан, уйқысыз өткергенин де жақсы билемен.
Өз алдыңызға қойған мақсетке ерисиў жолында сизлердиң басқаларға қарағанда он мәрте емес, ал жүз мәрте көбирек мийнет етиўиңизге, машақат шегиўиңизге туўра келгенин де мен жақсы түсенемен.
Мине, усындай, қыйын демлерде сизлердиң жүрегиңизге үмит ҳәм исеним, жигерлик ҳәм мәртлик туйғысын бағышлаған, сизлер менен ийинлес болып турып, сизлерди бәрқулла қоллап-қуўатлап, табыслы шеклерге қарай руўхландырған пидайы инсанлар бар. Олардың көбисин бүгинги ушырасыўда көрип турғанымнан қуўанышлыман.
Булар – бәринен бурын сизлердиң меҳрийбан ата-аналарыңыз, жақынларыңыз, туўысқанларыңыз болып табылады.
Сизлер ерискен жеңислерде олардың да әлбетте мүнәсип үлеслери бар.
Келиң, әзиз дослар, қаҳарман спортшыларымыздың қаҳарман ата-аналары, шаңарақ ағзаларын да алғыслап, оларға ең жақсы тилек ҳәм ҳүрметимизди билдирейик!
Ҳәзирги ўақытта шебер ҳәм жанкүйер тренерлерге, барлық жуўапкер ҳәм қәнигелеримизге де шын кеўилден минетдаршылық айтамыз.
Әсиресе, пара-жеңил атлетика бойынша тәжирийбели тренерлер – Ибраҳимжан Юсупов, Яҳёбек Ёқубов, Сардор Худойберганов, Григорий Камуля, Азизжан Норматов, Раҳмонберди Хўжамов, Галина Казаковаға, пара-дзюдо бойынша шебер тренерлер – Маҳмуд Омонов, Муратбай Дусумбетов, Алфия Ибрагимова, Фозил Караматов ҳәм пара-таэквондо бойынша белгили тренер Бобур Қўзиевке, пауэрлифтинг бойынша тәжирийбели устазлар – Фазлиддин Умирзоқов, пара-жүзиў бойынша Равшанбек Амилов ҳәм оқ атыў бойынша Наталья Ефимоваға, сондай-ақ, психолог қәниге Лола Агзамоваға айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Бүгин бир ҳақыйқатты толық исеним менен айта аламыз: Жаңа Өзбекстанның өз мәртлик мектеби, даңқ мектеби бар.
Бул мектептиң ҳақыйқый дөретиўшилери сизлер, десек, бул да әйне ҳақыйқат болады.
Сөзсиз, сизлердиң спорттағы, турмыстағы жетискенликлериңиз биринши гезекте жасларымыз ушын күш-ғайрат дереги, мәртлик ҳәм ибрат үлгиси болып хызмет етеди.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Париждеги жетискенликлер ҳаққында айтқанда, елимизде спорт ҳәм денетәрбия тараўын, Паралимпиада ҳәрекетин раўажландырыўға берилип атырған итибар, имканияты шекленген шахсларды қоллап-қуўатлаў, оларға инклюзив шараят жаратыў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў орынлы.
Өткен жылдан баслап, республикамызда Социаллық қорғаў миллий агентлиги өз жумысын баслағанынан хабарыңыз бар. Сондай-ақ, адаптив спортты раўажландырыў ҳәм майыплығы болған шахсларды спорттың бул бағдарына тартыў мақсетинде Адаптив спорт түрлери ассоциациясы шөлкемлестирилди.
Сөзсиз, Париж майданларында ерисилген тарийхый жеңислерде олардың да мүнәсип үлеси бар.
Усы мүнәсибет пенен Социаллық қорғаў миллий агентлиги Адаптив спорт түрлери ассоциациясы ҳәм барлық спорт федерацияларының басшылары ҳәм белсендилерине де шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.
Биз келешекте елимизде параспорт түрлери менен бирге майыплығы болған шахслар шуғылланыўы мүмкин болған спорт түрлерин де кеңнен раўажландырыўға айрықша әҳмийет беремиз.
Тийкарғы итибар майыплығы болған шахслардың жәмийетке социаллық бейимлесиўин тәмийинлеўге қаратылады.
Усы жерде халқымыз, зиялыларымыздың өзлериниң қаҳарман перзентлерине болған меҳири ҳәм ҳүрметиниң және бир көриниси ҳаққында тоқтап өтпекшимен.
Талантлы шайыр ҳәм жазыўшыларымыз сизлердиң мәртлигиңизди улығлап, «Олимпиада бойлап желбирер Өзбекстан байрағы» китабының екинши басылымын таярлады.
Бүгин, мине усы китапларды да ҳәр бириңизге естелик сыпатында саўға етемиз ҳәм сизлердиң атыңыздан дөретиўшилеримизге рахмет айтамыз.
Әзиз дослар!
Әлбетте, Парижде ерискен нәтийжелеримизди ҳәр тәреплеме таллап, 2028-жылы Лос-Анджелесте болатуғын Паралимпиада ойынлары ушын таярлықты ҳәзирден баслаўымыз керек.
Өзиңиз гүўасы болғаныңыздай, Париждеги «Стад де Франс» стадионында параатлетлеримиз жуўырыў, ядро ҳәм найза ылақтырыў, узынлық ҳәм бийикликке секириў бойынша жарысларда жүдә белсенди қатнасты.
Енди, бундай спорт түрлериниң географиясын және де кеңейтиўимиз керек.
Ендиги Паралимпиада ойынларында әмелде жоқары нәтийже берип атырған спорт түрлери қатарында паражүзиў ҳәм оқ атыў сыяқлы беллесиўлер бойынша да таярлық ҳәм нәтийжелилик жоқары болыўы ушын анық стратегия тийкарында жумыс алып барыўымыз керек.
Жоқарыда айтып өткенимиздей, быйылғы Паралимпиада ойынларында велоспорт бойынша ўәкиллеримиз биринши мәрте қатнасты.
Енди, бул бағдарда тек ғана лицензия ушын емес, ал усындай абырайлы жарысларда анық нәтийжеге ерисиў ушын гүресиў керек.
Оның ушын, спортшыларымызға барлық шараятларды жаратып беремиз. Атап айтқанда, оларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериў, фармакология ҳәм диетология бойынша жумыслар күшейтиледи.
Сондай-ақ, параспортшыларымыз бенен ислейтуғын спорт психологлары жумысын күшейтиў ушын оларды хошаметлеў бойынша айрықша система енгизиледи.
Улыўма алғанда, ендиги Паралимпиада ойынларында улыўма командалық есапта күшли «онлық»қа кириў бас мақсетимиз болады. Оған ерисиў ушын тийисли министрлик, спорт федерациялары ҳәм сиз, әзизлердиң пикир-усынысларыңыз тийкарында әлбетте арнаўлы бағдарлама ислеп шығамыз.
Қәдирли дослар!
Ҳүрметли спортшылар!
Күни кеше XVII жазғы Паралимпиада ойынларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери, олардың тренерлери ҳәм спорт делегациямыздың ағзаларынан бир топарын сыйлықлаў ҳаққындағы пәрманға қол қойдым.
Жазғы Паралимпиада ойынларында ерискен үлкен жетискенликлериңиз, жоқары мәмлекетлик сыйлықлар менен сизлерди және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.
Бир пикирди айрықша атап өтпекшимен: сизлер тәғдирдиң ҳәр қандай сынақларына қарамастан, тек ғана жеңис, ийгиликли мақсетке умтылатуғын инсанларсыз. Мине, усындай пазыйлетлериңиз және де зияда болсын, сизлерге бәрқулла бахыт ҳәм әўмет келтирсин!
Барлығыңызға саў-саламатлық, шаңарақлық аўызбиршилик ҳәм парахатшылық, жаңадан-жаңа табыслар яр болсын!