Шегара бажыхана постындағы реконструкция ҳəм модернизация жумыслары үйренилди

363

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығының орынбасарлары ҳəм жуўапкер бөлим инспекторлары буйыртпашы кəрхана қəнигелери менен биргеликте “Даўыт-ата” шегара бажыхана постындағы реконструкция ҳəм модернизациялаў жумысларын үйренди.

“Дауыт-ата” шегара бажыхана постында 2-басқыш қурылыс жумысларын баслаў мақсетинде, ўақтыншалық пост шөлкемлестириў ҳəм онда пайдаланыў ушын автожол, кириў-шығыў дəрўазаларын қурыў жумыслары жолға қойылып атыр.

Бүгинги күнде тазадан қурылған 1,8 км узынлықтағы 10 кВ қуўатлылықтағы ҳаўа линияси арқалы “Даўыт-ата” шегара посты электр тəмийнаты линиясы ҳəм “Жасыл энергия” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тəрепинен 300 кВт.лы қуяш фотоэлектр станциясына жалғаў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги