Усы жылы 13-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Шымбай районында болып, бир қатар аўыл пуқаралар жыйынлары турғынларының машқалаларын үйренип, қурылыс жумыслары менен танысты.
Дәслеп Шымбай районы дийқан базарында халыққа ҳәм сатыўшыларға жаратылып атырған шараятлар менен жақыннан танысты. Базар аймағында инфраструктураны еле де жақсылаў, қарыйдарлар ҳәм сатыўшыларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша орынланған жумыслар көзден өткерилди.
Дийқан базары аймағында бүгинги күнде халыққа сапалы базар хызметин усыныў бағдарында барлық қолайлықларға ийе ири көлемли жабық саўда комплекси қурылысы даўам етпекте. Жәми 30 миллиард сумлық жойбар шеңберинде көп қабатлы саўда имараты, автомашиналар туратуғын орын ҳәм басқа да қолайлықлар жаратылады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жуўапкерлерге саўда комплекси қурылысы жумысларын жеделлестириў ҳәм жойбар басламашыларына жәрдем бериў бойынша тапсырмалар берди.
Буннан кейин пуқаралардың машқалаларына шешим табыў бойынша әмелге асырылған жумысларды орнына барып көриў мақсетинде «Тағжап» ҳәм «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйынында болып, аймақ турғынлары менен жақыннан пикирлести.
Пуқаралар тәрепинен ишки жолларды оңлаў ҳәм инфраструктураны жақсылаў бойынша буннан алдыңғы ушырасыўларда билдирилген мүрәжатлар бүгинги күнге келип басқышпа-басқыш өз шешимин таппақта. Пуқаралар менен гезектеги сәўбетлесиў барысында бир қатар әҳмийетли машқалалар билдирилип, ҳәр бир көтерилген мәселени көрип шығылды ҳәм жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди. Ҳәр бир орынлы машқала әлбетте, өз шешимин табатуғынлығын атап өтти.
Өз гезегинде пуқаралар да мүрәжатлери итибардан шетте қалмай, республика басшысының өзи келип үйренип ҳәм қадағалаўға алып атырғанлығынан миннетдар екенлигин билдирди. Сондай-ақ, бул машқалалардың өз шешимин табыўда Президентимиздиң тиккелей басламасы менен алып барылып атырған «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли идея тийкарындағы реформалар болса ҳәр бир пуқараның бүгинги турмысына кирип барып атырғанлығын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги