14-сентябрь күни Ташкент қаласындағы «Ҳумо Арена» футзал бойынша жәҳән чемпионатының рәсмий ашылыў ойыны өткерилип, онда Өзбекстан сайланды командасы нидерландиялы футзалшылар менен ушырасты.

Ушырасыўдың 4-минутында Тевфик Чеяр есапты ашқан болса, 16-минутта Элбек Тўлқинов есапты теңлестириўге миясар болды. Екинши таймның 28-минутында нидерландиялы Исмаил Оддуҳ Өзбекстан сайланды командасына гол урып, өз командасын алдыға алып шыққан болса, 36-минутта Ихтиёр Ропиев өз есабына гол жаздырып қойыўға еристи.

Арадан бир минут өтип, Оддуҳ дублге ерискен болса, 39-минутта Ҳусниддин Нишонов Нидерландия дәрўазасын анық нышанға алып, ойын 3:3 есабы менен жуўмақланды.

«А» топарының екинши ойынында Парагвай Коста-Рикани 5:2 есабында жеңип шығыўға еристи.

Өзбекстан сайланды командасы енди 2-турда Парагвайға қарсы ойын өткереди ҳәм ушырасыў 17-сентябрь күни болып өтеди.

Сондай-ақ, «В», «С» ҳәм «Д» топарларында да 1-тур ойынлары өткерилип, онда Бразилия Кубаны 10:0, Аргентина Украинаны 7:1, Аўғанстан Анголаны 6:4 есабында жеңген болса, Хорватия Таиландқа 1:2, Жаңа Зеландия Ливияға 1:3 есабында жеңилип қалды.

Ал, қоңсылас Қазақстан Республикасы футзалшылары болса, дүньяның ең күшли командаларының бири Испания менен 1:1 ойнады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы