Токио Паралимпиада ойынларынан соң кейинги сапары әлбетте, күшли «он бесликке» киремиз, деп жақсы нийет етилген еди.

Өткен жыллар даўамында усы мақсет жолында тынымсыз мийнет етилди. Спортшыларымыз ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылып, жоқары шеклер ушын тийкар жаратылды.

Нәтийжеде Өзбекстан усы реттеги Паралимпиада ойынларында биринши рет ең көп қурам менен, яғный 9 спорт түри бойынша 65 спортшы менен қатнасты.

Әсиресе, пара велоспорт бойынша ўәкиллеримиз бул жарысларда биринши рет қатнасқанын айрықша атап өтиўимиз керек.

ӨзА