Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 11-сентябрь күни кәмбағаллықты қысқартыў жумысларын кейинги сапа басқышына алып шығыў мәселелерин додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Бул бағдар мәмлекетимизде 2020-жылда басланған еди. Сол ўақытта 7,5 миллион яки 23 процент халықтың дәраматы кәмбағаллық шегарасына жетпейтуғын еди. Өткен жыллары 3,5 миллион адамды дәраматлы етиў арқалы 2023-жылдың жуўмағы менен кәмбағаллық дәрежеси 11 процентке түсти.
Бәринен бурын, социаллық қорғаўға қамтып алыў 4,5 есеге кеңейтилип, өткен жылы 12,3 триллион сум бағдарланды. Пенсия ҳәм напақалардың муғдары да 1,2 есеге көбейтилди.
Мәҳәлледе кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменлик жойбарларына 35 триллион сум арзан кредит, 7 триллион сум субсидия берилди. Мәҳәллелерди абаданластырыў, бақша, мектеп, медицина, жол, суў ҳәм электр инфраструктурасы ушын 120 триллион сум ажыратылды. Сондай-ақ, 260 мың гектар жер 800 мың халыққа дийқаншылық етип, дәрамат табыўы ушын тарқатылды.
Және бир мысал- 2020-жылдан берли 3 миллионнан 5 миллион сумға шекем мийнет ҳақы алатуғын жумысшылар 2 есеге, 5 миллионнан 7 миллион сумға шекем алыўшылар болса 3 есеге артты. Булардың нәтийжесинде кәмбағаллық дәрежеси жылына орташа 3 процентке азайып бармақта.
Бирақ, бул бағдардағы жумыслар барлық ўәлаят ҳәм районда да бирдей емес. Мысалы, өткен алты айда Наўайы, Сурхандәрья, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында өзгерис болмаған. 15 районда кәмбағаллық 20 проценттен жоқары.
16 районда халыққа бөлип берилген жерлерде 2-3 мәртеден өним алынғаны есабынан кәмбағаллық 2 есеге азайған. Бирақ 14 районда өзгерис болмай атыр.
Президентимиздиң атап өткениндей, кәмбағаллықты тек ғана пул тарқатыў, напақа төлеў менен шешип болмайды. Оның ушын кәмбағал шаңарақ ағзаларын оқытыў, кәсипке үйретиў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў керек.
Бүгинги күнде кәрханаларда 250 мыңлаған вакант бар. Бирақ, кәмбағал шаңарақлардың 35 проценти жумысқа жарамлы ағзаларында билим ҳәм көнликпелер аз. Және айырымлары созылмалы кеселликлер себепли дурыс ислей алмай атыр. Кәмбағал шаңарақлардың 83 процентинде қыйтақ жер бар, бирақ суў, электр ҳәм жол менен байланыслы машқалалар қыйыншылық туўдырмақта.
Мәжилисте усы сыяқлы мәселелер ҳәр тәреплеме талланып, жаңа ўазыйпалар белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы кейинги жыллар ушын «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы таярланып атырғанын атап өтти. Онда жети имканият ҳәм жуўапкер принципи тийкарында Өзбекстанның гезектеги жаңа көзқараслары белгилеп бериледи.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәкимликлер менен бирге усы жылы ҳәр бир мәҳәллени толық дизимнен өткерип, кәмбағал шаңарақлардың «портрети»н ислеп шығады. Кәмбағал шаңарақ бойынша индивидуал бағдарлама болады. Экономикалық комплекс шаңарақларды кәмбағаллықтан алып шығыў менен шуғылланады. Онда ең үлкен жуўапкершилик район ҳәкимлери ҳәм сектор басшыларына жүкленеди.
Адамлардың жумысының жүриўин мәҳәллелердеги шараятқа да байланыслы. Сол себепли келеси жылы мәҳәллелердиң инфраструктурасын раўажландырыўға барлық қаржылардан 1,6 миллиард доллар ажыратылады. Оның бир бөлеги, бәринен бурын, ең машқалалы 300 мәҳәлледе суў насослары ҳәм қуяш панеллерин орнатыўға бериледи. Және 500 мәҳәлледе электр, жол, интернет ҳәм басқа инфраструктура мәселелери шешиледи.
Бүгин елимизде кеминде 50 жумыс орнын жаратқан 9 мың 200 ге шамалас исбилермен бар. Олардың режелери қоллап-қуўатланса, жумысын кеңейтип, және жумысшы алыўы мүмкин.
Мысалы, Әндижан ўәлаятындағы 58 қусшылық кәрханасы туқым жетистириўге 10 мың талапкер халықты кеңнен тартыў, 660 балық хожалығы кооперациясы арқалы және де жумыс орнын жаратыў басламасын билдирген.
Мәмлекетимиз басшысы бундай жойбарларды қаржыландырыў бойынша жаңа система жаратыў ҳәм басқа аймақларда да кеңейтиў бойынша тапсырмалар берди.
Еки жыл алдын Президент пәрманы менен улыўма аўқатланыў тараўындағы исбилерменлерге социаллық салықтан жеңиллик берилген еди. Оның нәтийжесинде бир қатар кәрханалар Ташкент, Самарқанд ҳәм Әндижанда 2 мың адамды жумыслы етти. Сол жеңиллик және 2 жылға созылса, исбилерменлер және он мыңлаған талапкер халықты жумыс пенен тәмийинлеўге таяр.
Санаатта ең көп жумыс орнын жарататуғын тармақ – тоқымашылық. Бул тараў исбилерменлери де еки жыл алдын таяр трикотаж, боялған гезлеме кәрханаларына социаллық салықтан берилген жеңилликти созып бериўин сораған.
Халық бәнтлигиндеги әҳмийетин инабатқа алып, жуўапкерлерге бул тараўларға жеңилликлерди созып бериў бойынша усыныс киргизиў тапсырылды.
Егер кәрханалар кәмбағал халықты бәнт етсе, сол жумысшыға социаллық салықтан жеңиллик және үш жылға сақланып қалады. Бул жеңиллик тек ғана тоқымашылыққа емес, ал барлық тараўдағы кәрханаларға бериледи. Бул арқалы тоқымашылық, қурылыс материаллары, былғары – аяқ кийим, электр техникасы, азық-аўқат, шарўашылық ҳәм қурылыс тармақларында жүз мыңлаған кәмбағал халықты жумыслы етиў мүмкин.
Өткен жыллары 260 мың гектар жер 800 мың халыққа дийқаншылық ушын ажыратылған еди. Енди және 50 мың гектар жер 100 мың кәмбағал шаңараққа бөлип берилетуғыны айтылды.
Бул жерлерде «компания- кооператив-дийқан хожалығы» принциплери тийкарында дийқаншылық ҳәм бағшылық шөлкемлестириледи. Онда, Қытай тәжирийбеси тийкарында, жерден үш түр дәрамат алатуғын система енгизиледи:
1) аўыл хожалығы өнимин жетистириўши ҳәм экспорт етиўши үлкен компания кәмбағал шаңарақлардан жерди екилемши ижараға алады;
2) яки жер ийелери үлес алыўшы сыпатында кооперацияға бирлесип, компаниялардан буйыртпа алады ҳәм табылған дәрамат олардың арасында бөлистириледи;
3) ҳәр еки жағдайда да бул халық жерден өзи өним жетистирип, оның ушын мийнет ҳақы алады.
Яғный, кәмбағал шаңарақ өзине берилген жерден және де нәтийжели пайдаланып, мийнет ҳақыны алыў менен бирге, ижара яки дивидендтен дәрамат көреди. Компания болса бир контурда бир өним жетистирип, сапа ҳәм өзине түсер баҳасынан утады.
Бәнтлик жойбарларын әмелге асырыўда микроқаржы хызметлери де әҳмийетли ҳәм бул бойынша имканиятлар кеңеймекте.
Енди 2024-2025- жылларда адамлар өзин-өзи бәнт етиўи, киши ҳәм орта исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын микрокредитлер ажыратыўға 10 триллион сум бериледи. Сондай-ақ, кәмбағал шаңарақларға 30 миллион сумға шекем үскене, көшпели дүкан, мотороллер, скутер сыяқлы қураллар 5 жылда бөлип төлеў шәрти менен бериледи. Кәмбағал шаңарақтың перзентлерине компьютер сатып алыў ушын 5 жылға 2 жыллық жеңилликли дәўир менен процентсиз кредит ажыратылады.
Саўда-санаат палатасы жанындағы исбилерменлерге жумысшы таўып, оларды таярлап беретуғын орай шөлкемлестириледи. Кәмбағал шаңарақ ағзаларына кәрхана талабына сәйкес көнликпелер үйретилип, жумысқа жайластырылады.
Ҳәр бир кәмбағал шаңарақта, әсиресе, ҳаял-қызлар арасында жоқары мағлыўматлылар бар екенлигине айрықша итибар қаратылады. Оның ушын олар процентсиз тәлим кредитлери, грантлар ҳәм басқа қаржылай жәрдемлер арқалы қоллап-қуўатланады.
Улыўма, мәмлекетимиз басшысы бул мақсет жүдә кең көлемли екени, оған ҳәмме үлес қосыўы керек екенлигин атап өтти.
-Ендигиден былай кәмбағаллықты қысқартыў улыўма миллий ҳәрекетке айланады. Ҳүкимметтен тартып, район шөлкемине шекем барлық бөлимдеги басшылардың күнделикли жумысы шаңарақларды кәмбағаллықтан алып шығатуғын болыўы керек. Бул бағдарда қадағалаў да, сораў да, қатаң түрде болады,-деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте Бас министрдиң орынбасары, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери мәлимлеме берди. Кәмбағал шаңарақлар ушын ажыратылып атырған қаржылардың мәнзиллилиги ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, жуўапкерлердиң бул бағдардағы жумысларын додалап, машқалаларды шешип барыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
ӨзА