Хорезм ўәлаятының Хийўа қаласында Орайлық Азия мәмлекетлериниң екинши парламентлераралық форумы өз жумысын баслады.
Форумда Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан парламентлери басшылары ҳәм делегациялары, соның менен бир қатарда, жаслар парламенти ҳәм топарлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының ўәкиллери қатнаспақта.
Әнжуман алдынан Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң форум қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева оқып еситтирди.
Сенат Баслығы Т.Норбоева бүгинги күнде регионның барлық мәмлекетлери өзиниң келешектеги раўажланыўын тиккелей Орайлық Азия регионының турақлылығы ҳәм абаданлығына тығыз байланыслы ҳалда көретуғынын атап өтти. Мәмлекет басшыларының жоқары дәрежеде ерисип атырған келисимлерин нәтийжели әмелге асырыў, бирге ислесиў форматларын және де раўажландырыўда парламентлер арасындағы өз-ара байланыслар үлкен әҳмийетке ийе.
Сенат Баслығы парламентлераралық бирге ислесиў шеңбериндеги жумысларды жеделлестириў бойынша бир қатар усыныслар билдирди. Буннан соң ҳәр бир делегация басшысы өзиниң кирис сөзинде форумның әҳмийети, оннан күтилип атырған нәтийжелер, мақсет ҳәм ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Форум Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы парламентлераралық байланысларды беккемлеў, регионды социаллық-экономикалық раўажландырыўда парламентлераралық комиссиялар, дослық топарлары, мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымлары, жаслар парламенти ҳәм ҳаял-қызлардың қатнасыўын кеңейтиўди мақсет еткенлигин атап өтиў керек.
Ҳәзирги ўақытта әнжуман өз жумысын 4 панель сессия шеңберинде даўам етпекте.
Форум нәтийжелери бойынша Орайлық Азия мәмлекетлери арасында парламентлераралық бирге ислесиўдиң жаңа түрлери ҳәм бағдарлары ислеп шығылады. Орайлық Азия мәмлекетлери аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыўда парламентлераралық комиссиялар, дослық топарлары ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларының жедел қатнасыўын кеңейтиўге қаратылған усыныслар ислеп шығылады.
Орайлық Азия мәмлекетлери жаслар парламентлери ҳәм топарларының регион парламентлери басшыларына мүрәжатлери жибериледи. Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўда ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың ролин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығылады.
Форум жуўмағында Хийўа декларациясы қабыл етиледи.
Норгул Абдураимова, ӨзА