Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў жумысларын жаңа сапа басқышына алып шығыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.

Президент тапсырмасына бола, жуўапкерлер мәселениң ишине тереңирек кирди, ең машқалалы мәҳәлледеги жағдайы төмен шаңарақларға барып, не нәрселерге көбирек итибар бериў керек екенлигин үйренди.

Бул мәселеде саўда, сервис, тоқымашылық, медицина, аўқатланыў, қурылыс, жумысты бөлип алып ислеў, электротехника, транспорт тараўы исбилерменлери менен анық додалаўлар өткерилди.

Үйренип шығыўлар кәмбағаллықты тек ғана қаржы тарқатыў менен шешим болмайтуғынлығын көрсетпекте.

Ҳәзирги күнде 3-5 миллион сумға шекем мийнет ҳақы беремен деген кәрханаларда 250 мың бос жумыс орны бар. Бирақ кәмбағал шаңарақтың 35 процент жумысқа жарамлы ағзаларында билим ҳәм көнликпелер аз.

Бала тәрбиясы менен бәнт болғаны ушын ислеўди қәлеўин билдирген ҳаял-қызлардың 43 проценти жумысқа баралмай атыр.

Кәмбағал шаңарақлардың 83 процентинде үлкен қыйтақ жер бар. Бирақ, олардың 62 процентинде – суў, 48 процентинде электр машқаласы бар, және 50 проценти орайдағы базарға барыўға қыйналмақта.

ӨзА