Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Кудратов Әербайжан Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ҳусейн Гулиев пенен ушырасты.
Тәреплер еки мәмлекет басшылары арасында қәлиплескен, беккем исенимге тийкарланған қатнасықлар себепли саўда-экономикалық, инвестициялық байланыслардың раўажланыўындағы унамлы өсиў пәтин алғысламақта.
2023-жылдың жуўмағына бола өз-ара товар алмасыў 26,5 процентке өсти. Өзбекстан аймағында Әзербайжан капиталы қатнасыўында саўда, машина қурылысы ҳәм металлды қайта ислеў, қаржыландырыў ҳәм қамсызландырыў, көшпес мүлк пенен байланыслы әмелият, энергетика, хызмет көрсетиў, зергерлик буйымларын ислеп шығарыў, азық-аўқат ҳәм жеңил санаат тараўларына қәнигелестирилген 230 кәрхана жумыс алып бармақта. Өз-ара пайдалы ири инвестициялық жойбарлар биргеликте әмелге асырылмақта.
Президент Илҳам Aлиевтиң өткен айда мәмлекетимизге мәмлекетлик сапары шеңберинде жоқары дәрежели сөйлесиўлер ўақтында қала инфраструктурасы, өндирис, химия санааты ҳәм мәлимлеме технологияларын раўажландырыў бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыўды жеделлестириў илажлары додаланған еди.
Соннан келип шығып, ушырасыўда еки мәмлекет исбилермен топарлары арасында шерикликти беккемлеў, аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екени ҳаққында ортақ пикир билдирилди. Исбилермен топарларды қоллап-қуўатлаў, әҳмийетли тармақларда байланыслар көлемин және де кеңейтиў илажларын көриўге келисип алынды.
Г.Сатторова, ӨзА