Ҳиндстанда басып шығарылатуғын «Business Central Asia» айлық журналының жаңа санында Өзбекстан туризмине бағышланған мақала жәрияланды.

«Өзбекстан мәмлекетти туристлик мәканы сыпатында танытыў ушын барлық имканиятларды иске қоспақта» атамасындағы мақалада мәмлекетимиз басшысы тәрепинен туризм тараўын және де раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған үзликсиз ҳәрекетлер ҳаққында сөз етилген.

Соның ишинде, туристлер санын 2023-жылдағы 6,6 миллионнан 2030-жылға келип 15 миллионға жеткериў режелери ҳаққында сөз болған. Бул әмелдеги көрсеткишлерден еки есеге көп.

Мақалада жаңа туристлик пакетлер, сырт ел ҳәм жергиликли туристлер санын көбейтиўге қаратылған Өзбекстан Президентиниң пәрманы менен тастыйықланған «Жол картасы»на айрықша итибар берилген. Сондай-ақ, мәмлекеттиң арқа-батыс бөлиминде жайласқан «Мойнақ» аэропорты экстремал туризм, соның ишинде, парашют спорты ушын белгили бағдарға айланыўы мүмкин екенлиги айтылған.

2023-жылы туризм елимизге 2,1 миллиард долларға шамалас дәрамат келтиргени мәлим етилген. Мәмлекет 2019-2024-жыллары Жәҳән экономикалық форумы  тәрепинен таярланатуғын Саяхат ҳәм туризмди раўажландырыў индексинде өз орнын жақсылап,16 текшеге көтерилген. «Lloyd’s Register Foundation» қорының 2023-жылғы қәўипсизлик индексинде де биринши орынды ийелеген.

Журналист Өзбекстан дүньяның жетекши ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлардың белгили авторлары менен мәмлекеттиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўда жедел бирге ислесип атырғанын айрықша атап өтти.

«Netflix» сыяқлы ири стриминг хызметлери, сондай-ақ, туристлик агентликлери ҳәм концерт компаниялары, соның ишинде, Қытайдың «Trip.com» агентлиги ҳәм Дубайдағы «Holiday Factory» менен реклама акциялары бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта. Жас туристлерди тартыў ушын Өзбекстан социаллық тармақларда үлкен аудиторияларға ийе болған блогер ҳәм инфлюенсерлерди тартып атырғаны атап өтилген.

Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ, ӨзА